Жәҳән азық-аўқат бағдарламасы (World Food Programme – WFP) 7-октябрьден берли Газа секторыныӊ арқа аймағына оғада аз муғдарда азық-аўқат жәрдеми жетип келгени, ашаршылық қәўипи бар екенин айтты. Бул ҳаққында Ислам бирге ислесиў шөлкеми мәлимлеме агентликлери аўқамы (UNA-OIC) мәлим етти.
Жақын Шығыстағы Жәҳән азық-аўқат бағдарламасы баспасөз хаткери Абид Амифа былай дейди:
– Жәрдем, әсиресе, арқа аймақтағы бизлерге керек аймақларға жетип барыўы қыйын. Газада ашаршылық қәўипи еле де жоқары дәрежеде. Анклавқа гуманитарлық жәрдемниӊ жеткерилиўине түрли тосықлар қойылмақта. Секторлардағы шаҳидлердиӊ саны 25 490 ға жетти, олардыӊ көпшилиги ҳаял-қызлар ҳәм балалар. Буннан тысқары 63 354 адам жарадар, 8 мыӊнан аслам пуқара болса ҳүжим басланғанынан берли бийдәрек жоғалған.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА