Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-январь күни Шэньчжэнь қаласында Гуандун провинциясы партия комитети хаткери Хуан Куньмин менен ушырасыў өткерди.

Гуандун – Қытайдың ең раўажланған аймақларынан бири болып, мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң дерлик 10 процентин қәлиплестиреди ҳәм бул көрсеткиш бойынша жетекшилик етеди. Провинция Өзбекстан аймақларының ең үлкен экономикалық шериги болып есапланады.

Ушырасыўда провинция менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди, бәринен бурын, жоқары технологиялық тармақларда кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Күни кеше ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен сөйлесиўлер өткерилгени, олар шеңберинде аймақлараралық байланысларды және де кеңейтиў мәселеси қоллап-қуўатланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Санаат кооперациясын тереңлестириў, сондай-ақ Гуандунның жетекши компаниялары ушын мәмлекетимиз аймақларында қәнигелестирилген жоқары технологиялық парклерди ашыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Кеше болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда шөлкемлестирилиўи келисип алынған Өзбекстан ҳәм Қытай аймақлары кеңеси жумысында Гуандун әҳмийетли орын тутатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан провинция аймағында жайласқан «Huawei», «BYD», «ZTE» ҳәм басқа алдыңғы компаниялар менен бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенлиги атап өтилди.

Гуманитар байланыслар ҳәм исбилерменлик алмасыўларын жетилистириў мақсетинде IT тәлим тараўында бирге ислесиў ҳәм тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў мәселелери көрип шығылды.

 

ӨзА