Мәмлекетлик сапар менен Қытай Халық Республикасында болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пекин қаласындағы Тяньаньмэнь майданына барды.
Өзбекстан ҳәм ҚХР мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Мәмлекетимиз басшысы Халық қаҳарманлары естелигине гүллер қойып, XIX-XX әсирлерде Қытай ғәрезсизлиги ҳәм азатлығы жолында қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.
Тяньаньмэнь майданы қытай миллетиниң символикалық жүреги есапланады. 1949-жылы 1-октябрь күни әне усы жерде Қытай Халық Республикасының дүзилгени жәрияланған. Халық қаҳарманлары естелиги XX әсирдиң орталарында бой тиклеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги