Қоршаған орталықты қорғаўға итибар күшейтилмекте

295

Кегейли районында жайласқан қәнигелестирилген мектепте «Тәбият жаслар нәзеринде» ушырасыў кешеси болып өтти.

Оған депутатлар, Экология партиясының белсендилери ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтова, Экология партиясы Қарақалпақстан Республикалық партия шөлкеми Кеңесиниң атқарыў комитети директоры, «Эко» ҳәрекеттиң республикамыздағы аймақлық бөлими баслығы А.Бегимова, «ЭКОСАН»  экология ҳәм саламатлық  халықаралық қайырқомлық жәмийети фондының республикалық аймақлық шөлкеми директоры Б.Жийенбаевлар шығып сөйлеп,  соңғы жыллары Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен қоршаған орталық ҳәм тәбиятты қорғаў бойынша қабылланып атырған жаңа нызамлар, усы нызам ҳүжжети тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде айтып өтип, бундай ийгиликли ислерде ҳәмме халқымыз белсенди болыўы кереклигине тоқталды.

Сондай-ақ, «Тәбият жаслар нәзеринде» атамасы менен сүўретлер салыў таңлаўы өткерилип, таңлаў жеңимпазлары мүнәсип түрде хошаметленди.




Кешеде илаж қатнасыўшыларына мектеп оқыўшылары тәрепинен таярлаған сахналық көринислер қойып берилип, бул оларда өзгеше тәсир қалдырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы