Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасына мәмлекетлик сапарын ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Цян менен ушырасыўдан баслады.

Халық жыйынлары үйинде өткен ушырасыўда көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын саўда-экономикалық тараўда және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

ҚХР ҳүкиметиниң басшысы еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекети себепли Өзбекстан-Қытай қатнасықлары барлық тараў ҳәм бағдарларда мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгенин атап өтти.

Өткен жылы товар алмасыў 50 процентке артып, рекорд көрсеткиш – 14 миллиард долларға жетти. Бул көрсеткишти, соның ишинде, жоқары сапалы санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди көбейтиў есабынан 20 миллиард долларға жеткериў ушын потенциал бар екени атап өтилди. Қытайдан Өзбекстан экономикасына киргизилген инвестициялардың улыўма көлеми 14 миллиард доллардан артты.

Инфраструктураны модернизациялаў, санаат кооперациясын, аўыл хожалығында технологиялар трансферин кеңейтиў ҳәм «жасыл» энергетиканы раўажландырыў бойынша айрықша бирге ислесиў бағдарламаларын таярлаў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, Қытайдың жетекши банк-қаржы институтлары менен әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм Қытай компанияларының мәмлекетимиздеги меншиклестириў процесслеринде қатнасыў перспективалары көрип шығылды.

22-январь күни Урумчи қаласында өткен биринши Өзбекстан-Қытай аймақлар форумы ҳәм санаат көргизбесиниң нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Қытайда усы күнлерде билимлендириў форумы ҳәм Өзбекстан мәденият күнлери табыслы өткерилгени атап өтилди. Тәреплер авиақатнаўлар ҳәм туристлик алмасыўды және де кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Жуўмағында Президентимиз ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министрин сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.

ӨзА