Салық төлеминде қандай өзгерислер бар?

192

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасында тийисли тараў ўәкиллери ҳәм исбилерменлердиң қатнасыўында салыққа байланыслы өзгерислер ҳаққында семинар өткерилди.

Жаңа өзгерислер бойынша Салық кодексиниң 429-статьясындағы юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығының ставкалары 12 процентке индексацияланды.

Салық кодексиниң 437-статьясының биринши бөлими физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша ставкалары юридикалық тәреплердиң жер салығы ставкалары сыяқлы 12 процентке индексацияланды. Салық кодексиниң 434-статясының «жер салығының салық салыў объекти есапланбайды» деген бөлегине «көп квартиралы жайларды ийелеген ҳәм көп квартиралы жайлардың мүлк ийелерине улыўма пайдаланыў (коммерциялық емес мақсетлерде) ушын турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилген көп қабатлы жайларға тутас жер участкалары салық салыў объекти болмайды» деген бөлеги қосылды. Бул өзгерис әмелиятта жүзеге келиўи мүмкин болған ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлердиң алдын алыў мақсетинде киргизилген.

Салық кодексиниң 445-статьясының биринши бөлиминдеги суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын суў салығы ставкалары орташа 30 процентке индексацияланды.

2024-жылдың 1-апрелинен қосымша қун салығы бойынша айырым жеңилликлер бийкар етиледи. Яғный, саўда айланысы, медициналық, ветеринариялық хызмет, дәри қураллары, ветеринариялық дәри қураллары, медицина ҳәм ветеринария ушын арналған буйымлар қосымша қун салығына тартылады. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде дәри қураллары, ветеринариялық дәри қураллары, медицина ҳәм ветеринария ушын арналған буйымлар және нызамшылықта белгиленген дизим бойынша алып кирилетуғын шийки затлар да қосымша қун салығына тартылады. Бунда «социаллық реестр»ге киргизилген пуқараларға ҚҚС суммасы (12%) «кешбек» сыпатында қайтарыў механизми жаратылады. Халыққа көрсетилетуғын хызметлерди реализациялаўда суў тәмийнаты, канализация, санитариялық жақтан тазалаў, ыссылық тәмийнатына ҚҚСның нольлик дәрежели ставкасын қолланыў бийкар етиледи.

2028-жылдың 1-январына шекем бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалар, устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан көп болған юридикалық тәреплердиң халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт елли ҳүкиметлик тартылған ҳәм тартылатуғын мәмлекеттиң сыртқы қарызы есабынан әмелге асырылатуғын жойбарлар шеңберинде сатып алынатуғын товар (хызмет)ларды реализациялаўға байланыслы айланысы, сондай-ақ, олардың импорты ҚҚС дан азат етиледи.

Салық миннетлемеси бойынша даўа етиў мүддети 5 жылдан 3 жылға қысқартылды.

Азық-аўқат ҳәм азық-аўқатлық емес товарлар менен саўда ислеўши жеке исбилерменлер 2024-жылы айына Ташкент қаласында 907500, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайлары болған қалаларда 726000, басқа қалаларда 363000,  елатлы пунктлерде 242000 сум муғдарындағы қатаң белгиленген дәрамат салығын төлейди. Ал, дийқан базарларында аўыл хожалығы өнимлери менен саўда ислеўши жеке исбилерменлер 2024-жылы айына Ташкент қаласында 302500, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайлары болған қалаларда 181500, басқа қалаларда 121000, елатлы пунктлерде 60000 сум муғдарындағы қатаң белгиленген дәрамат салығын төлейди.

2024-жылдан баслап өзин-өзи бәнт еткен тәреплер жумыслары нәтийжесинде алған дәраматлары 100 миллион сумнан асса, асқан күннен баслап жеке исбилерменлер ушын белгиленген тәртипте салық төлеўге өтеди.





Семинар даўамында қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усы мазмундағы семинарлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында өткерилиўи режелестирилген.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги