Өткен жылы жәми 33 942 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумыс алып барып (6,8 мыңы мәмлекетлик ҳәм 27,2 мыңы мәмлекетлик емес), республикадағы 2,9 миллион баланың 2,2 миллионын, ямаса 74 процентин қамтып алған.

Бул ҳаққында Мектепге шекемги билимлендириў агентлиги мәлимлеме хызмети баслығы Мавлуда Асқархўжаева мәлим етти.

Агентлик рәсмийиниң билдириўинше, бул көрсеткишлерге, атап айтқанда, алыс аймақларда мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў арқалы да ерисилген.

Мысалы ушын, мектепке шекемги билимлендириў хызметлерин шөлкемлестириў мақсетинде Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларына қосымша 7 ИСУЗУ автобуслары қайта оңланған ҳалда жеткерип берилген. 14 мәҳәлледе қурылған ойын майданшаларында 42 мобиль топарлар жумысы жолға қойылып, 950 ге шамалас балалар қосымша қамтып алынған.

Нәтийжеде, Республика бойынша 156 МПЖларда қайта оңланған 72 ИСУЗУ автобусларда шөлкемлестирилген 429 «Ақлвой» мобиль топарларда 9,5 мың (0,43 процент) 3 жастан 7 жасқа шекемги балалар қамтып алынды.

Сондай-ақ, ЮНИСЕФ шөлкеми менен биргеликте Наманган ҳәм Хорезм ўәлаятларында мектепке шекемги билимлендириўдиң алтернатив көриниси болған 20 «Ҳәр түрли жастағы мектепке шекемги билимлендириў топарлары» (ойын топарлары) шөлкемлестирилип, оларға жәми 496 балалар қамтып алынды.

Жәҳән банки менен биргеликте «Баланы ерте раўажландырыў» жойбары шеңберинде Наманган ҳәм Самарқанд ўәлаятларында «Дәслепки раўажланыў орайлары» 3 модель бойынша жумыс алып бармақта.

Онда, биринши модель (6 жасқа шекемги қамтып алынбаған балалары болған шаңарақларға барыў) бойынша жәми 634 балалар, екинши модель (ойын топарлары) бойынша 861 балалар, үшинши модель (денсаўлығы себепли имканияты шекленген 2 жастан 6 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға барыў) бойынша 87 балалар қамтып алынған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги