2023-жылы халықтың жан басына улыўма дәраматлар орташа 20 млн сумды қураған.

Статистика агентлиги берген мағлыўматқа бола, 2023-жылдың январь-декабрь айларында, халықтың жан басына улыўма дәраматлар көлеминде Ташкент қаласында (44 млн 427,9 мың сум) ҳәм Наўайы (31 млн 445,6 мың сум), Бухара (23 млн 480,3 мың сум), Ташкент (20 млн 730,2 мың сум) ҳәм Хорезм (20 млн 076,6 мың сум) ўәлаятларында орташа республика дәрежесинен жоқары көрсеткишлер анықланғаны бақланған.

Есабат дәўиринде халықтың жан басына улыўма дәраматлар көлеминиң ең төменги көрсеткишлери болса Қарақалпақстан Республикасында (14 млн 570,7 мың сум), Наманган ўәлаяты (15 млн 070,6 мың сум) ҳәм Ферғана (15 млн 716,5 мың сум) ўәлаятларында атап өтилди.

Халықтың жан басына улыўма дәраматларын реал өсиўи болса өткен жылы 102,4 процентти қураған. Бул көрсеткиш 2022-жылдың январь-декабрь жағдайына 107,3 процентти қураған.

Халықтың жан басына улыўма дәраматлардың ең жоқары реал өсиўи Ташкент қаласы (7,6 процент), Наўайы (5,7 процент), Сырдәрья (4,4 процент), Әндижан (4,4 процент) ҳәм Жиззақ (4,3 процент) ўәлаятларында бақланды. Соның менен бирге, Хорезм (-6,4 процент), Сурхандәрья (-0,8 процент), Самарқанд (-0,5 процент), Бухара (-0,4 процент), Наманган (-0,3 процент) ўәлаятларында халықтың жан басына улыўма дәраматларының реал өсиў көрсеткишлери төмен екенлиги атап өтилди.

Мағлыўмат ушын, халықтың реал улыўма дәраматлары – халықтың номинал улыўма дәраматларын тийисли дәўир ушын тутыныў баҳалары индексине болыў жолы менен есапланады.

Халықтың улыўма дәраматлары көлеминиң сезилерли дәрежеде өсиўи тийкарынан улыўма дәраматлар қурамында 29,7 процент үлеске ийе болған жалланба жумысшылардың дәраматлары ҳәм 34,3 процент үлеске ийе еркин түрде бәнт болыўдан алынған дәраматлардың сезилерли өзгериўи есабынан жүзеге келген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги