Президент Шавкат Мирзиёевқа спорт тараўында ерисилген нәтийжелер ҳәм халықаралық жарысларға көрилип атырған таярлық бойынша мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимизде спорт анағурлым ғалаба ен жайған, жаслар спортқа қызығыўшаң. Мәмлекетимиз басшысының идеясы менен шөлкемлестирилген «Бес баслама олимпиадасы» денетәрбия мәдениятын буннан былай да кеңнен ен жайдырыўға хызмет етпекте.

Өткен жылы усы олимпиада шеңбериндеги жарысларда 6 миллион 400 мың жас қамтып алынды. Спорт инфраструктурасы жақсы раўажланбаған, алыс ҳәм шетки аймақлардағы мәҳәллелерде 449 үлгили спорт майданшасы қурылды.

Бес басқышлы ғалабалық жарысларда дерлик 12 мың қәбилетли жаслар таңлап алынып, спорт мектеплерине бағдарланды. Тараўдағы ҳәр бир мектеп белгили спорт түрлерине қәнигелестирилип, жаңа инвентарьлар менен тәмийинленди. Булардың нәтийжесинде миллий сайланды командаларға спортшы жеткерип бериў көрсеткиши де артпақта.

Профессионал спортшыларды халықаралық жарысларға таярлаў бойынша да зәрүр илажлар көрилмекте. Ҳәзирги күнлерде Қубла Кореяда жас өспиримлер арасында өтип атырған IV қысқы олимпиада ойынларында лыжа бойынша спортшыларымыз қатнаспақта.

Бизге белгили, усы жылы Париж қаласында төрт жыллықтың ең абырайлы жарысы – жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары болып өтеди. Ҳәзирги ўақытқа шекем атлетлеримиз оларға, сәйкес түрде, 17 ҳәм 34 жолламаны қолға киргизген. Спортшыларымыздың және жолламалар алыўы ҳәм жарысқа пуқта таярлық көриўи ушын барлық шараят жаратылған.

2025-жылы Ташкентте өткерилиўи режелестирилип атырған жаслар арасында Азия ҳәм Параазия ойынларына да таярлық көрилмекте. Олимпиада қалашасының қурылысы жедел даўам етпекте.

Усы жылы социаллық бағдарламалар шеңберинде 42 спорт имаратын қурыў ҳәм реконструкциялаў режелестирилген. «Бес баслама олимпиадасы»ның қамтып алыўын және де кеңейткен ҳалда, қатнасыўшылардың санын 7 миллионға жеткериў мөлшерленген. Спорт мектеплеринде қосымша мыңнан аслам топарлар ашыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы спорт билимлендириўин раўажландырыў, спортшыларды халықаралық жарысларға таярлаўда алдынғы көзқарасларды қолланыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА