Ҳәзирги ўақытта Қытай Халық Республикасыныӊ Синьцзян-Уйғыр автономиялы районы Урумчи қаласында Өзбекстан-Қытай аймақлар аралық форумы болып өтпекте.

Бул форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басшылығындағы делегация ағзалары қатнаспақта. Сондай-ақ, Қытай Халық Республикасына әмелий сапар даўамында республикамыздыӊ делегациясы “Исбилерменлердиӊ бирге ислесиўин кеңейтиў ҳәм улыўмалық абаданлықты әмелге асырыў” сүрени астында өткерилип атырған  конференцияда да қатнасып атыр.

Форум шеңберинде Қытайдың жетекши компаниялары басшылары менен ушырасыўлар өткериў, биргеликте ислесиў бойынша перспективалы жойбарларды ислеп шығыў, Қытай компанияларының республикамызда өндирис кәрханалары ҳәм заводларын иске түсириў бойынша келисимлерге ерисиў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги