Испанияның Сеговия қаласында қылышласыўдың сабля бағдары бойынша жәҳән кубогиниң гезектеги басқышы болып өтти.

Оған АҚШ, Франция, Германия, Уллы Британия,  Қытай, Румыния, Италия, Мексика ҳәм тағы басқа да еллерден 105 тен аслам сабляшы жаслар катнасты.

Жарыстың командалық беллесиўлеринде Гүлистан Пердебаева, Наргиза Жақсыбаева , Ҳеррара Фернанда Луиза Лара ҳәм Самира Шакировадан ибарат Өзбекстан сайланды командасының қызлары дәслепки турда қытайлы қызларды 45:33, соңынан италиялы спортшыларды 45:41 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, ярым финал ушырасыўында болса, командамыз ағзалары АҚШлы кызларға 19:45 есабында жеңилип, кубоктиң қола медалы менен шеклениўине мәжбүр болды.

Финал беллесиўинде болса,  Франция сайланды командасы ағзалары АҚШлы сабляшыларды 45:43 есабы менен жеңип шығып, алтын медальды қолға киргизди.

Сондай-ақ, бул жарыста спортшылардың жекпе-жек ушырасыў жарыслары да өткерилип, онда келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын жас спортшымыз Гүлистан Пердебаева  1/64 айланымда АҚШлы, 1/32 ликте өзиниң сайланды командасындағы достын, 1/16 басқышында АҚШлы кызды жеңип шығыўға миясар болды. Бирақ, тилекке қарсы, ол 1/8 финалда АҚШ сайланды командасының ағзасына жеңилип қалды.

Бул жарыстан соң сайланды командамыз ағзалары 3-5 февраль күнлери Болгариянын Пловдив қаласында болып өтетуғын жәҳән кубогиниң гезектеги басқышына қатнасыўға таярлық көриў мақсетинде Венгриянын Будапешт қаласына жөнеп кетеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы