Қутлықлаў
Бүгин ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимизде ағартыўшы жадид бабаларымыздың ибратлы өмири ҳәм жумысы, олардың илимий-дөретиўшилик мийрасын үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Жақында Ташкент қаласында усы темада үлкен халықаралық конференция өткерилгени буның айқын дәлили болып есапланады.
«Жадид» газетасының шөлкемлестирилгени де әне, усындай ийгиликли ислердиң және бир жарқын үлгиси болды. Дүньяда глобалласыў ҳәм идеологиялық гүреслер барған сайын күшейип баратырған ҳәзирги қыйын дәўирде жаңа руўхыйлық басылымы жас әўладты ўатансүйиўшилик, жадид бабаларымыздың ағартыўшылық идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўда мүнәсип орын тутатуғынына исенемен.
Жаңа Өзбекстан, сондай-ақ, жаңа Қарақалпақстандағы ҳәзирги үлкен жаңаланыўлар жадид бабаларымыздың мәңгилик идеяларына үнлес екенин мақтаныш пенен атап өтемиз. Қарақалпақстанда да жадидлер мийрасын үйрениў ҳәм халқымыз арасында ен жайдырыў жумысларын даўам еттиремиз.
Пурсаттан пайдаланып, пүткил халқымызды «Жадид» газетасының дәслепки саны менен шын жүрегимнен қутлықлайман. Руўхыйлық-ағартыўшылық қәдириятларды ең кең жайдырыўдай қурамалы ҳәм ийгиликли жолда редакция жәмәәтине үлкен табыслар, белсенди дөретиўшилик тилеймен.
Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
«Жадид» газетасының 2024-жыл 1-январь №1 (1) саны
Қарақалпақстан хабар агентлиги