Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасыныӊ Баслығы Си Цзинпиньнниӊ мирәт етиўине бола 23-25-январь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.
Сапар бағдарламасына муўапық Пекин қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар болып өтеди.
Күн тәртибинен Өзбекстан менен Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм кеӊ көлемли әмелий бирге ислесиўди кеӊейтиў мәселелери орын алған.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Қытай аймақларынан бирине барып, бул мәмлекеттиӊ жетекши компаниялары ҳәм банк-қаржы институтларыныӊ басшылары менен ушырасыў өткереди.
ӨзА