Экспортты кредитлеўге 200 миллион доллар ресурс берилген. Буннан тысқары, усы жылы экспортшыларды қоллап-қуўатлаўға 800 миллиард сум қаратылмақта.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте мәлим етилди.

Бирақ, Экспорт агентлиги тармақ ҳәм аймақ басшылары менен биргеликте бул қаржылардан нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлей алмай атырғаны көрсетип өтилди.

Мәселен, экспорт алды қаржыландырыў ушын жеңиллетилген шәртлерде ажыратылған ҳәр бир долларға орташа 5 доллар муғдарында экспорт туўра келип атыр. Бирақ, электротехникада 2,5 доллар, аўыл хожалығында ҳәм фармацевтикада 3 долларды қурайды.

Ашынарлысы, айырым кәрханалардың экспорт көлеми алынған кредиттен аз болған болса, айырымлары кредит алып, улыўма етип айтқанда экспорт етилмеген.

Сондай-ақ, өткен жылы халықаралық стандарт енгизиў ҳәм сертификат алыў ушын 4,5 миллиард сум қаржы берилген 31 кәрхана экспорт пенен шуғылланбаған.

Экпсорт агентлиги экспортшыларға ҳақыйқый жәрдемши болыў орнына мәмлекеттен берилген таяр пулды бағдарлап отыратуғын «бухгалтер-кассир»ге айланып қалғаны сынға алынды.

ӨзА