Енди дизимнен өткермей өзбасымшалық пенен қурылған яки қурылып атырған объектлерди пайдалыныў ушын қабыл етиўге рухсатнама берилмейди

Усы жылдыӊ 1-апрелинен баслап дизимнен өткермей өзбасымшалық пенен қурылған яки қурылып атырған объектлерди пайдаланыўға қабыллаўға рухсатнама берилмейди. Бул ҳаққында Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги хабар берди.
Қурылыс тараўына тийисли ҳәкимшилик Регламентлерде қурылыс жумысларын әмелге асырыўда физикалық ҳәм юридикалық тәреплер архитектура-режелестириў тапсырмасын ислеп шығыў, жойбар-смета ҳүжжетлерин келисиў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларын баслыўы ушын объектти дизимнен өткериўи шәрт екенлиги көрсетип өтилген.
Сондай-ақ, қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланған объекттен пайдаланыў ушын рухсатнама бериў тәртибин әмелге асырыўы да қатаӊ белгилеп берилген.
«Жоқарыдағыларды инабатқа алып, 2024-жылдыӊ 1-апрелинен баслап аймақлық Инспекциялардан дизимнен өткермей өзбасымшалық пенен қурылған яки қурылып атырған объектлерди пайдаланыўға қабыл етиўге рухсатнама берилмеўин мәлим етемиз.
Айрықша атап өтиў керек, халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде, қурылыс жумысларын әмелге асырыў ушын жойбар ҳүжжетлерин келисиўден баслап пайдаланыўға қабыл етиўге шекемги барлық процесслер санластырылған», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги