Быйыл 5 миллион халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етилди.
Бул ҳаққында Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте мәлим етилди.
– Кәмбағаллықты кескин азайтыў ушын адамларымызға турақлы дәрамат келтиретуғын жумыс орынларын жаратыў зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өткен жылы 16 район ҳәм қалада турақлы жумыс орынларын жаратыў режеси 70 процентке де орынланбағаны көрсетип өтилди. Бәнтлик уйымлары болса жумыс сорап келген адамларға аӊсат ғана напақа тайынлаўға өтип алғаны сынға алынды.
Сондай-ақ, республикадағы 319 мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилери халықты бизнеске тартыў, бәнтликти арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша нәтийже көрсете алмағаны атап өтилди.
Атап айтқанда, Шараф Рашидов, Пастдарғом, Ангор районлары, Әндижан ҳәм Термиз қалаларындағы 123 ҳәким жәрдемшисиниӊ халықты исбилерменликке тартыў жумыслары канаатландырмайды.
Усы ҳәким жәрдемшилерин толық жаӊалаў ҳәм тәжирийбели ҳәким жәрдемшилерин бириктириў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА