Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте банк системасыныӊ турақлылығын тәмийинлеў ҳәм кредит ставкаларын түсириў мәселелерине тоқталып өтилди.

Базар механизмлери тийкарында кредит ставкаларын кеминде 2-3 процентке түсириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Банклер ресурс жоқлығы себепли кредит проценти жоқары, деўге үйренип алған. Негизинде, машқалалы кредитлерди өндириўдиӊ өзинен 25 триллион сумлық кредитке ресурс табыўға болады.

Мысалы, Жиззақ, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрьяда машқалалы кредитлердиӊ үлеси 10 процентке жеткен.

Тармақ басшылары, ҳәкимлер 9 триллион сум кредитлер есабынан иске түскен 2 мыӊ 342 жойбар төмен қуўатлылықта ислеп атырғанын талқылап, олардыӊ машқалаларын шешиўде жәрдем бермей атырғаны сынға алынды.

Ендигиден былай Саўда-санаат палатасы ҳәм Бизнес-омбудсман кредит алған кәрханалардыӊ толық қуўатлылықта ислеп кетиўине жәрдемлеседи.

Ҳәкимлер, банклер кредит бериўден алдын жойбар қанша жумыс орны жарататуғынын, бюджетке қанша түсим болатуғынын есап-санақ етиў системасына өтеди ҳәм нәтийжесине жеке өзи жуўап береди.

ӨзА