Президент басшылығында усы жылы экономиканы раўажландырыў бойынша ҳүкимет алдындағы тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы 2024-жылы экономиканы раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди.

Усы жылы жалпы ишки өнимди кеминде 6 процентке көбейтип, 100 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.

Бирақ өткен жылы санаат 6 процентке өскени менен, өндиристе қосымша қун 40 проценттен артпай атырғаны көрсетип өтилди.

– Бул санлар бизди қанаатландырмайды. Булар тийкарынан импортқа бағынышлылық ҳәм энергия тутыныўы жоқары екени ҳәм артықша қәрежетлердиң көп екени себепли болмақта, – деди мәмлекет басшысы.

Ири санаат тармақларына салық жүги азайтылған болса да, көп тармақлар мәмлекетке түсимди тәмийинлеў орнына қәрежетин арттырып атырғаны атап өтилди. Соның ишинде, 10 ири кәрханада қәрежетлер дәраматтан тез өскени бақланған.

ӨзА