Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте экономикалық комплекс басшыларына айлық, шереклик ҳәм жыллық нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) енгизилетуғыны атап өтилди. Мийнет ҳақы да олардың орынланыўына байланыстырылады.

Бул басшылар бир ҳәпте мүддетте халыққа мүрәжат етип, режелерди әпиўайы тилде түсиндиреди ҳәм өзине үлкен жуўапкершилик алады.

Енди министр орынбасарларының 70 процент жумысы районда болып, олар министрлик ушын белгиленген KPI  орынланыўын орнында шөлкемлестиреди.

Белгиленген режелерге ерисиў үстинен қатаң қадағалаў орнатылады: министрлик ҳәм уйым басшыларының есабаты ҳәр ҳәптеде Ҳүкимет президиумында, ҳәр шеректе болса Олий Мажлисте көрип шығылады.

ӨзА