Президент басшылығында усы жылы экономиканы раўажландырыў бойынша ҳүкимет алдындағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Мәжилис алдында экономикалық комплекс темасы биринши екени, келешекте барлық тараў ҳәм тармақлардың жумысы сын көзқарастан көрип шығылатуғыны атап өтилди.

Өткен жылы экономикалық өсиў 6 процентти қурағаны, усы жылы да бул бағдарда үлкен режелер белгилеп алынғаны атап өтилди. Оларды әмелге асырыў ушын экономикалық комплекс оғада жақсы ислеў керек екени көрсетип өтилди.

Экономикалық комплексте жәми 40 баслық орынбасарлары бар. Бирақ, ҳәзир экономикаға жуўапкер адамларда заманға мүнәсип пикирлеў, қарар қабыл етиўде оперативлик жетиспей атыр. Айырым баслық орынбасарлары өзине жуўапкершилик алмастан, мүлгип отырғаны сынға алынды.

Мәмлекет басшысы системаны қайта көрип шығып, экономикалық комплекстеги орынбасарлардың санын 15 процентке қысқартыў бойынша усыныс киргизиўге тапсырма берди.

Бунда ҳәр бир районда, ўәлаяттағы экономикалық комплекстиң басшы ҳәм орынбасарлары және 11 министр ҳәм уйым басшысы, орынбасарларына жуўапкершилиги анық белгилеп бериледи. Сораў да соған жараса қатты болады.

ӨзА