12-13-январь күнлери Тунисте қылышласыў спортының сабля бағдары бойынша Гран-при жарысы болып өтти.
Онда дүньяның ең күшли спортшылары қатарында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасып, Шерзод Мамутов ҳәм Муса Аймуратовлар жарыстың дәслепки басқышында-ақ жеңилип қалды.
Ал, үмитли спортшыларымыздың бири Зайнаб Дайибекова дәслепки басқышта жеңиске ерискен болса, кейинги басқышта атақлы спортшылардың бири, Европа чемпионы италиялы
Киаре Мормилеге қарсы беллесиўде жеңилип қалды ҳәм жарысқа қатнасқан 149 сабляшы арасында 48-орынды ийелеўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы