«Интер Майами» клубының аргентиналы ҳүжимшиси ФИФА бойынша 2023-жылдың ең жақсы футболшысы сыйлығын қолға киргизди.

Месси төртинши мәрте усы сыйлықты қолға киргизди, алдынырақ 2022, 2019 ҳәм 2009-жыллары усы сыйлыққа ийе болған.

Месси өткен жылы «ПСЖ» менен Франция чемпионы болды ҳәм «Интер Майами» менен Лигалар кубогин қолға киргизди. Октябрь айында 36 жастағы аргентиналы «Алтын топ» сыйлығының 8 есе ийесине айланды.

Мағлыўматларға бола, Лионель Месси сыйлықлаў мәресиминде болмаған. Кубок баслаўшы Терри Анриға тапсырылды.

Сондай-ақ, айырым ҒХҚлар Месси ҳәм Ҳоланд бирдей – ҳәр жылы 48 ден даўыс алғаны ҳаққында жазбақта. Онда регламентке бола, ҳәммесин сайланды команда сәрдарлары тәрепинен берилген даўыслар саны шешеди, Лео болса олардан көбирек даўысқа ийе болған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги