Президент Шавкат Мирзиёев 15-январь күни исбилерменлердиң турақлылық рейтингин енгизиў бойынша презентация менен танысты.

Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиздиң экономикалық сиясатының тийкарғы бағдары. Бизнес ушын шараятлар избе-из жақсыланып бармақта. Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылында исбилерменлерге және де қолайлықлар жаратылады. Бул 5 миллион халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде жүдә әҳмийетли орын тутады. Усы мақсетлер ушын 83 триллион сум ҳәм 275 миллион доллар кредит ҳәм субсидиялар қаратылыўы нәзерде тутылған.

Рейтинг енгизилиўи исбилерменлер жумысы ушын айырықша хошамет болады. Буның әҳмийети ҳаққында мәмлекет басшысының исбилерменлер менен ашық сәўбетинде айтылған еди. Буннан кейин усы рейтингтиң талаплары ҳәм тәртип-принциплери ислеп шығылды.

Оған бола, исбилерменлер жумыс дәўири, рентабеллик дәрежеси, төлем интизамы, халықтың бәнтлигиндеги орны ҳәм мийнет ҳақы сыяқлы 23 талап тийкарында 4 түрге бөлинеди. Бул салық, әдиллик ҳәм суд уйымларының мағлыўматлары тийкарында қәлиплеседи. Ҳәр бир исбилермен өз орны ҳәм баҳасын реал ўақытта билип барыўы мүмкин болады.

Рейтинги жоқары исбилерменлер ушын барлық салық тексериўлери бийкарланады, қосымша қун салығы суммасы бир күнде ҳәм басқа салық түрлери бойынша артықша төлем үш күнде қайтарып бериледи. Товарларды импорт етиўде ҳәм сатыўда қосымша қун салығын бажыхана ҳәм салық уйымларында өз-ара есапқа алыў имканияты жаратылады. Аукционда алынған мәмлекетлик активлер ҳәм жер участкаларының баҳасын бөлип төлеў мүддети 3 жылдан 5 жылға шекем созылады. Бунда кеминде 15 процент муғдарында дәслепки төлемди биротала әмелге асырғанда, қалған суммаға жыллық процентлер есапланбайды.

Бундай рейтинг соның ушын да әҳмийетли, енди исбилерменлердиң жумысына салықшылар емес, электрон система баҳа береди. Кейинги ўақытта субсидия, жеңиллик ҳәм преференциялар рейтингинен келип шығып бериледи. Көрсеткиши төмен болғанлар интизамлы исбилерменлер қатарына кириў ҳәм көбирек имканиятқа ийе болыў ушын ҳәрекет етеди.

Және бир тәрепи, бул рейтинг исбилерменлерге өз шериклери ҳаққында исенимли мағлыўмат бериўши қорғаў системасына айланады. Яғный, гүманлы шәртнамалар ҳәм инсапсыз бәсекиге шек қойылып, «жасырын» экономика қысқарады.

Мәмлекетимиз басшысы бул системаны пуқта ислеп шығып, әдалатлы ҳәм нәтийжели жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

– Исбилерменлердиң усыныслары тийкарында бизнес ушын шараятларын барған сайын жақсылап баратырмыз. Жақында қабыл етилген қарарлар менен 16 лицензия ҳәм 34 түрдеги есабатты бийкарладық. Исбилерменлер класы жәмийетте жетекши күшке айланбақта, жаслар оларға қарап умтылмақта. Енди усы рейтинг арқалы исбилерменлер арасында нызамларға бойсыныў, интизамлы ҳәм ҳәрекетшең болыўды хошаметлеў зәрүр. Буны енгизиў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўде Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеңестиң орны үлкен болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Презентацияда «Исбилерменлердиң турақлылық рейтинги» платформасы 1-мартқа шекем иске түсирилиўи белгилеп алынды. Саўда-санаат палатасы тәрепинен орынларда ушырасыўлар өткерилип, рейтинг имканиятларын түсиндириў жумыслары алып барылады. Субсидия, жеңиллик ҳәм преференциялар ажыратыўдың ашық системасы жолға қойылады.

Рейтинги төмен исбилерменлер менен мәнзилли ислесип, жумысын жанландырыў ҳәм тиклеўге жәрдем бериў әҳмийетлили екенлиги атап өтилди.

 

ӨзА