Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери арасында  мини футбол бойынша “Басқарма баслығының кубоги” жарысы болып өтти.

Президентимиздиң 2020-жыл 30-октябрьдеги “Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында прокуратура уйымларында дене тәрбия ҳәм ғалабалық спорт түрлери менен шуғылланыў жумысларын шөлкемлестириўге  айрықша итибар қаратылмақта. Қызықлы өткен жарыс жуўмағында “Басқарма-1” командасы биринши, “Орайлық аймақ” командасы екинши, “Арқа аймақ” командасы үшинши орынларды ийеледи.


Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль және дипломлар менен сыйлықланды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги