Жаңа дәўирде Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик

Пайтахтымызда мине усы темада халықаралық конференция болып өтти.
Конференция Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик Кеңеси жанындағы Европа ҳәм Азия социаллық раўажланыў институты Раўажланыў орайы менен биргеликте гибрид түрде өткерилди.
Усы жылы күтилип атырған еки тәреплеме әҳмийетли илажларға таярлық көриў шеңберинде шөлкемлестирилген бул илажда Өзбекстан ҳәм Қытайдың сиясий-дипломатиялық топар ўәкиллери, жетекши таллаў орайларының хызметкерлери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты директорының биринши орынбасары Акрамжон Неъматов ҳәм Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық елшиси Юй Цзюнь 30 жылдан аслам ўақыт даўамында еки мәмлекет арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиў табыслы жолға қойылғанын ҳәм бул бирге ислесиўдиң көлеми жыл сайын кеңейип атырғанын айрықша атап өтти.


Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы өз-ара бирге ислесиў нәтийжеси ҳәр еки мәмлекет ушын да пайдалы болмақта.
Оған жоқары дәрежедеги қызғын сиясий қарым-қатнас, сондай-ақ, еки мәмлекет басшылары арасында орнатылған дослық ҳәм исенимли қатнасықлар жәрдем бермекте. Атап айтқанда, 2017-жылдан берли мәмлекет басшылары арасында 3 телефон сөйлесиўи ҳәм 8 ушырасыў болып өтти.
Мәжилисте атап өтилгениндей, 2022 ҳәм 2023-жылларда әмелге асырылған өз-ара мәмлекетлик сапарлар нәтийжесинде улыўма баҳасы 40 миллиард доллардан аслам саўда шәртнамаларына ҳәм инвестиция келисимлерин әмелге асырыў бойынша 60 қа шамалас ҳүжжетке қол қойылып, келисимлерге ерисилди.
Бүгинги күнде мәмлекет басшылары дәрежесиндеги «Орайлық Азия – ҚХР» форматы Қытайдың Орайлық Азия мәмлекетлери менен өз-ара бирге ислесиў байланыслары ушын жаңа платформаға айланды.
Мәмлекетимиз басшысы Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола «Бир мәкан, бир жол» халықаралық форумларында усы ўақытқа шекем үш рет қатнасып, Жипек жолы экономикалық белбеўи «Жасыл жипек жолы» басламасын алға қойған еди.
Конференцияда шығып сөйлегенлер кейинги жылларда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў турақлы өсиў пәтлеринде көзге тасланып атырғанын атап өтти.
– Бүгинги конференция оғада әҳмийетли болып есапланады, – дейди елши Юй Цзюнь. – Өткен жылы мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў байланыслары оғада жоқары басқышларға көтерилди, деп айтыў мүмкин. Қытай Өзбекстанның жетекши саўда шериги ҳәм экономикамыздың ири инвесторына айланды. 2022-жылдың жуўмағына бола, өз-ара товар алмасыў көлеми дерлик 9 миллиард долларды қурады ҳәм 2017-жылға салыстырғанда дерлик 2 есеге артты. 2023-жылы өз-ара товар алмасыў көлеми 34 процентти қурап, 12 миллиард доллардан артты. Мәмлекетиңизге киргизилген Қытай инвестициясының улыўма көлеми 5 есеге артып, дерлик 11 миллиард долларға жетти, Қытай капиталының қатнасыўындағы кәрханалар саны болса 3 есеге көбейди.
Конференция даўамында экспертлер еки мәмлекет арасында әмелге асырылып атырған ири жойбарлар, қытайлы инвесторлар ушын жаратылып атырған шараятлар, жасыл энергетика, нефть-газ, химия, IT-санааты, гидроэнергетика, жеңил санаат, автомобиль қурылысы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиў байланыслары ҳаққында сөз етти.
Сондай-ақ, илажда Өзбекстан – Қытай бирге ислесиўиниң және бир перспективалы бағдары – санлы раўажланыўға да айрықша итибар қаратылды. ҚХРдың бул бағдардағы бай тәжирийбеси ҳәм жетискенликлерин есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Қытай менен санластырыў, электрон коммерция, ақыллы аўыл хожалығы ҳәм жасыл экономика тараўлары бойынша бирге ислесиў байланысларын кеңейтиўден мәпдар.
Мәжилис жуўмағында конференция қатнасыўшылары Өзбекстан – Қытай қатнасықларының раўажланыўында өсиў пәтлериниң даўам етиўи керек екенин ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди және де жоқары дәрежеге көтериў әҳмийетли екенин атап өтти.
Гўзал САТТОРОВА,
ӨзАның хабаршысы