Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде нотариатты реформалаў, оны превентив әдил судлаў және суд келиспеўшиликлериниң алдын алыў ўазыйпаларын атқаратуғын физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын тәмийинлейтуғын әҳмийетли институтлардан бири сыпатында қәлиплестириў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, нотариал ведомсвтолардың жумысында суд-ҳуқық тараўында мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыўда, экономикалық, шаңарақлық, мийрас, турақ жай, мийнет ҳәм басқа да келиспеўшиликлердиң алдын алыўда нотариаттың потенциалынан толық пайдаланыўға тосқынлық ететуғын бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлер бар. Атап айтқанда:

бириншиден, халыққа көрсетилип атырған нотариал хызметлердиң сапасы ҳәм жеделлиги төмен дәрежеде екени, нотариал уйымлардағы узыннан-узақ нәўбетлер мәмлекетлик бажылар ҳәм басқа да жыйымлар өндириўдиң ашық-айдын емеслиги, сондай-ақ, жүзеге келген бюрократлық тосқынлықлар жағдайының нотариат системасына болған исенимин төменлетпекте және коррупция көринислери пайда болыўына имканият жаратпақта;

екиншиден, тийкарынан тастыйықлаў өзгешелигине ийе болған ўазыйпаны орынлап атырған әмелдеги нотариат системасы елимиздиң бүгинги раўажланыў талапларына жуўап бермей атыр, нотариал ҳәрекетлерди тиккелей елатлы пунктлерге шыққан ҳалда әмелге асырыўдың кең әмелияты жоқ. Жәмийеттиң раўажланыўынан артта қалып атырған нотариаттың хызмет көрсетиў системасы оның комплексли нотариал хызметлер көрсететуғын еле де жедел моделине өтиўди талап етпекте;

үшиншиден, заманагөй инновациялық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўдиң төмен дәрежеде екени, ведомстволараралық электрон бирге ислесиў жеткиликли дәрежеде жолға қойылмағаны халыққа жедел нотариал хызметлерди көрсетиў имканиятын бермей атыр және зәрүр мағлыўматнамаларды ҳәм ҳүжжетлерди топлаў ушын ўәкилликли мәмлекетлик шөлкемлерге тиккелей барыўды талап етпекте. Профилактикалық илажлар сыпатында ең көп келиспеўшиликлер болып атырғаны нотариал келисимлерди рәсмийлестириўде аудио ҳәм видео жазыўдан пайдаланылмай атыр;

төртиншиден, нотариуслардың ҳәм нотариал ведомстволардың хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелегин арттырыў системасы нотариат корпусты жоқары маманлықтағы кадрлар менен қәлиплестириў мәселелерин системалы түрде шешиў имканиятын бермей атыр. Нотариусларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў режелери ҳәм бағдарламалары нотариал әмелият пенен жеткиликли дәрежеде сәйкеслендирилмеген;

бесиншиден, стажировкадан өтиўдиң узақ ҳәм қыйын процеси бос турған нотариус лаўазымларын маман кадрлар менен тез толықтырыў ушын зәрүр илажларды көриў имканиятын бермей атыр;

алтыншыдан, нотариал хызметлер көрсетиўдиң сапасын ҳәм жеделлигин, нотариал ведомство хызметкерлери тәрепинен өзиниң функционаллық ўазыйпаларын зәрүр дәрежеде орынлаўы үстинен қадағалаўдың нәтийжели механизми, әсиресе, аралықтан қадағалаў қәлиплестирилмеген.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық және физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўда нотариат институтының ролин ҳәм әҳмийетин арттырыў, сондай-ақ, халыққа көрсетилип атырған нотариал хызметлердиң сапасын жақсылаў мақсетинде:

  1. Нотариаттың белсенди модели шеңберинде нотариуслар тәрепинен келисимлерди тастыйықлаўда «бир айна» принципи бойынша әмелге асырылатуғын ҳуқықый ҳәм техникалық көринистеги қосымша ҳәрекетлердиң дизими 1-қосымшаға муўапық мақуллансын ҳәм 2019-жыл 1-январьдан баслап әмелге асырылсын.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картогафия ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, басқа да ўәкилликли министрликлер, ведомстволар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте:

еки ай мүддетте нотариаттың белсенди модели шеңберинде нотариуслар тәрепинен «бир айна» принципи бойынша келисимлерди тастыйықлаўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиўдиң ҳәкимшилик регламентлериниң жойбарларын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

белгиленген мүддетлерде усы қарардың 1-қосымшасында нәзерде тутылған мәлимлемелерди алмасыў ушын мағлыўмат базаларын ҳәм мәлимлеме системаларын енгизиў, сондай-ақ, оларды «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасы менен интеграциялаўды тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды мәпдар министрликлер ҳәм ведомстовлар менен биргеликте 2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте суд тәрепинен қатнас жасаўға жарамсыз деп табылған шахслар бойынша электрон мағлыўмат базасы қәлиплестирилиўин, кейин ала оны «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасына интеграцияланыўын тәмийинлесин.

  1. 2019-жыл 1-январьдан баслап ижара шәртнамаларын мәмлекетлик салық хызмети уйымларында мәжбүрий есапқа алыў тәртибин үйретиў арқалы көшпес мүлкти ижараға бериў ҳәм тегин пайдаланыў шәртнамаларын мәжбүрий нотариал тастыйықлаў бойынша талап бийкар етилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети еки ай мүддетте көшпес мүлк ижара шәртнамаларын мәмлекетлик салық хызмети уйымларында мәжбүрий есапқа алыў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын.

  1. 2019-жыл 1-январьдан баслап:

көшпес мүлк пенен байланыслы келисимлерди нотариал тастыйықлаў тек ғана «Мәмлекетлик белги» мәмлекетлик өндирислик бирлеспеси тәрепинен таярланатуғын, қорғаныў дәрежесине, серияға, тәртип номерине ҳәм аймақлық кодқа ийе болған қатаң есап берилетуғын гербли (арнаўлы) бланкаларда әмелге асырылатуғыны;

мийрасларға қол қойыў процеси, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «Нотариат ҳаққында»ғы нызамының 34-статьясының екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайларда келисим, арза ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойыў процесси мәжбүрий аудио ҳәм видео жазылыўы зәрүр екени;

юридикалық шахс нотариусқа ерикли түрде мүрәжат еткенде оның коллегияллық уйымының қарары қабыл етилиў факти нотариал тастыйықланыўы зәрүр екени белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик персоналластырыў орайының 2019-жыл 1-январьдан төмендегилерге муўапық нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўдың жаңа тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў ушын мүрәжат еткен шахслардың шахсын анықлаў бармақ излерин сканерлеў ҳәм оларды паспорттағы (пуқаралығы болмаған шахслардың биометрикалық ҳәрекетлениў ҳүжжетиндеги) биометрикалық мағлыўматлар менен салыстырыў арқалы әмелге асырылады;

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң:

нотариус лаўазымына талабанлардың стажировкадан өтиў мүддеттин еки жылдан бир жылға қысқартыў ҳаққындағы;

нотариус лаўазымына талабанлар ушын судьялық лаўазымында кеминде бес жыл ислеген ямаса нотариал жумысқа басшылық ҳәм қадағалаўшы лаўазымларда кеминде үш жыл ислеген шахсларға мәжбүрий стажировкадан өтиў бойынша талапты бийкарлаў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Усы бәнттиң әмел етилиўи бул қарар күшке кирген ўаққытта нотариал ведомстволарда стажировкадан өтип атырған шахсларға да қолланылатуғыны белгиленсин.

  1. Нотариат институтын буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«Жол картасы»нда көрсетилген министрликлер менен ведомстволардың басшылары онда нәзерде тутылған илажлар өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте судларға мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажыларды төлеўдеги жеңилликлер ҳәм белгиленген мәмлекетлик бажы муғдарларын сын көзқарастан үйренип шықсын, нәтийжеси бойынша нотариуслардың орынлаў жазыўларынан пайдаланыў әмелиятын кеңейтиўге, суд системасындағы жумыс көлемин азайтыўға қаратылған мәмлекетлик бажы ставкаларын ҳәм жеңилликлерин оптималластырыў бойынша усыныс киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте мийрас ислерин рәсмийлестириў тараўында нотариал ҳәм суд әмелиятын үйренсин ҳәм бул тараўдағы бирден-бир көзқарасты тәмийинлеў бойынша усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети 2019-жыл 1-январьдан баслап турақ жайды меншиклестириўге келисим берилген шахслар ҳаққындағы мағлыўматты нотариал уйымларға реал ўақыт режиминде бийпул тийкарда усыныўды тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки коммерциялық банклер менен биргеликте бир ай мүддетте барлық нотариал уйымларды оларда белгиленген жумыс ўақтына муўапық жумыс алып баратуғын арнаўлы кассалар, сондай-ақ, арнаўлы кассаларды банк пластик карточкаларынан төлемди қабыл етиў бойынша есап терминаллары менен тәмийинлеў илажларын көрсин.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине коммерциялық банклер тәрепинен нотариуслар тәрепинен өзлериниң нотариал уйымларының имаратлары менен объектлеринде ашылған арнаўлы кассалар аралы өндирилетуғын мәмлекетлик бажылардың жәми суммасынан ажыратпа алыў ҳаққында усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң рәсмий веб-сайтында нотариус лаўазымларына талабанларды таңлаў тийкарында таңлап алыў процесин реал ўақыт режиминде аудио ҳәм видеотранслияция етиў әмелиятын енгизсин;

2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте нотариал уйымларда нотариал ҳәрекетлердиң қупыялығын сақлаған ҳалда реал ўақыт режиминдеги аралықтан орайластырылған аудио ҳәм видео бақлаў системасын енгизиў, онда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм оның ҳуқықый уйымлары тәрепинен олардан пайдаланыўды тәмийинлесин;

еки ай мүддетте нотариусларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша оқыў-реже ҳәм бағдарламаларды, соның ишинде, психологиялық ҳәм юридикалық жумыс пенен байланыслы болмаған тәртиплер менен көнликпелерге (стрессти басқарыў, келиспеўшиликлерди басқарыў, жумыс ўақтын нәтийжели шөлкемлестириў) үйретиў бойынша сабақлар киргизилиўин нәзерде тута отырып, қайта көрип шықсын;

нотариал әмелиятта жүзеге келип атырған әҳмийетли машқалаларды видеоконференциялар шөлкемлестириў арқалы додалаўды нәзерде тутатуғын турақлы семинар-шынығыўларды өткерип барыўды әмелиятқа кеңнен енгизсин;

Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте халықтың нотариал хызметлерден пайдаланыў имканиятын арттырыў мақсетинде нотариал округтағы нотариус лаўазымларын белгилеў өлшемлерин қайта көрип шығыўды нәзерде тутатуғын Ҳүкиметлик қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекемги мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбесин ҳәм миллий нотариал әмелиятын терең үйрене отырып, мәмлекетлик нотариал ведомстволарды жедел мәмлекетлик емес түрге өткериўдиң мақсетке муўапықлығы бойынша тийкарланған усыныс киргизсин;

Мәпдар министрликлер ҳәм ведомсвтолар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы әдиллик министри Р.К.Давлетовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 25-май