Республикамызда Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди.
Усы жыл 13-январь күни Нөкис қаласындағы “Ҳәсиретли ана” естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, әскерий тараў хызметкерлери, ветеранларды ҳәм пүткил халқымызды байрам менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, миллий армиямыздың шегараларымыздың қәўипсизлигин, Ўатанымыздың тынышлығын тәмийинлеўдеги хызмети айрықша. Президентимиздиң Өзбекстан Республикаы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен Ўатан қорғаўшыларына жоллаған байрам қутлықлаўында атап өтилгениндей, бүгинги күни Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында қолға киргизип атырған барлық табыс ҳәм жетискенликлеримизде Қураллы Күшлеримиз ҳәм олардың қатарында өзлериниң ўазыйпасын шын кеўилден атқарып атырған мың-мыңлаған әскерий хызметкерлеримиздиң мүнәсип үлеси бар, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм тараў ветеранларын социаллық қорғаўға, соның ишинде, оларды турақ жай менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң перзентлерине жоқары оқыў орынларына кириўи ушын жеңилликли усыныс хатлар бериў ҳәм басқа да қолайлықлар жаратыўға айрықша әҳмийет берилмекте.
Салтанатлы мәжилисте көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги