Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзтиёевтиӊ басшылығында 12-январь күни Қәўипсизлик кеӊесиниӊ Қураллы Күшлер ҳәм әскерий-ҳәкимшилик секторларыныӊ 2023-жылдағы жумысыныӊ жуўмақларын ҳәм жақын перспективаға мөлшерленген ўазыйпаларды додалаўға бағышланған кеӊейтилген мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Қәўипсизлик кеӊеси ағзалары, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қурамына киретуғын министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары, округлердиӊ сәркардалары, әскерий-ҳәкимшилик секторларыныӊ басшылары – Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеӊесиниӊ Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, жәмийетлик шөлкемлердиӊ ўәкиллери қатнасты.

Мәжилис алдынан мәмлекетимиз басшысы елимиздиӊ қорғаныў қәбилетин және де беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлерди раўажландырыў бойынша 2023-жылы әмелге асырылған жумыслардыӊ нәтийжелерин таллады.

Министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ бул бағдардағы жумысы сын көзқарастан көрип шығылды, жуўапкер басшылардыӊ есабатлары тыӊланды.

Әскерий хызметкерлер ҳәм жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў системасын жетилистириў, миллий армиямызды және де раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиздиӊ қорғаныў қәбилетин беккемлеў, әскерий-ҳәкимшилик секторлар ҳәм қорғаныў санааты жумысыныӊ нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды.

Глобалласыў процесслери ҳәм адамлар, әсиресе, жас әўладтыӊ қәлби ҳәм санасы ушын гүрес күшейип баратырған ҳәзирги оғада қурамалы шараятта әскерий-ўатан сүйиўшилик руўхындағы тәрбияныӊ орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып баратырғаны айрықша атап өтилди.

– Бүгинги күнде ҳәр биримиз әмелде Ўатан қорғаўшысы болыўымыз, жасларымызды да усы руўхта тәрбиялаўымыз зәрүр, – деди Президентимиз.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы жасларды әскерий-ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў системасын қайта көрип шығыў бойынша тийисли жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди. Нәўқыран әўлад ўәкиллериниӊ мәмлекетимиздеги реформалар процесиндеги қатнасын арттырыў, олардыӊ интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратыўдыӊ әҳмийетине итибар қаратты.

Ҳәзирги күнде Қураллы Күшлердиӊ инфраструктурасы негизинде ҳәм моноорайларда жасларды әскерий-ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша жумыслар жолға қойылды. Мәмлекетимиз басшысы усы бағдардағы илажларды кеӊейтип, жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў ҳәм жумыс баслаўы ушын субсидиялар арқалы қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтти.

Сондай-ақ, жаслардыӊ пуқаралық позициясын беккемлеў мақсетинде медиа мәканда алып барылып атырған әскерий-ўатан сүйиўшилик руўхындағы жумысларды күшейтиў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте мәмлекетимиздиӊ қорғаныў қүдиретин беккемлеў, әскерлердиӊ әскерий таярлығын арттырыў ҳәм әскерий илимди раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды. Жоқары Бас Сәркарда жаўынгерлик тарлық системасын инновациялық ҳәм илимий көзқараслар тийкарында және де жетилистириў, мәлимлеме алмасыў ҳәм қарарлар қабыл етиў бойынша заманагөй әскерий ҳәм илимий қолланбаларды әмелде кеӊнен енгизиў бойынша тапсырмалар берди.

Мәжилисте мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў миллий қәўипсизлик тараўындағы әҳмийетли ўазыйпа болып қалыўына айрықша әҳмийет берилди.

Бул бойынша Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымларын санластырыўды жеделлестириў, министрлик ҳәм уйымлардыӊ барлық мәлимлеме ресурсларын бирден-бир қәўипсиз мәлимлеме мәканына бирлестириў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Миллий армиямызда ҳәм халқымыз арасында киберқәўипсизлик бойынша сергекликти ҳәм санлы мәдениятты арттырыў бойынша системалы жумысларды жолға қойыў бойынша еӊ әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қәўипсизлик кеӊеси мәжилисинде мәмлекетимиздиӊ қорғаныў санааты комплексин және де раўажландырыў, мәмлекет шегараларын қорғаў системасын жетилистириў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, айрықша жағдайларды прогноз ҳәм мониторинг етиў, авария ҳәм техногенлик апатшылықлардыӊ алдын алыў бағдарындағы жумыслардыӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша да әҳмийетли ўазыйпалар көрсетип өтилди.

Президентимиз әскерий хызметкерлер ҳәм олардыӊ шаӊарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттыӊ әҳмийетли бағдары болып қалатуғынын атап өтти.

Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы барлық әскерий хызметкерлерди, пүткил хылқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниӊ 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен шын жүректен қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

ӨзА