“Өзбекстан – Япония” бизнес форумы шеӊберинде бир неше меморандумларға қол қойылды

Санлы технологиялар министрлиги ўәкиллери тәрепинен Өзбекстан жасларын IT тараўында Япония IT университетлериниӊ алдынғы бағдарламалары тийкарында оқытыў, талантлы жасларды усы тараўда Японияда мийнет ҳақысы жоқары болған жумысларға орналасыў мақсетинде бир қатар келисимлерге ерисилди.
Япония ҳәм Өзбекстанныӊ түрли тараўларындағы алдынғы компаниялары, жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм изертлеў институтларыныӊ қатнасыўында болып өткен “Өзбекстан – Япония” бизнес форумы шеӊберинде Санлы технологиялар министрлиги ўәкиллери тәрепинен Өзбекстанда IT тараўыныӊ перспективалары, инвестициялық тартымлылық ҳәм жасларды IT билимине оқытыў темасында изертлеў өткерилди.

Онда тараўды раўажландырыў бойынша төмендеги келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, Министрлик ҳәм “CAL Co., Ltd” компаниясы арасында Өзбекстанда IT тәлимин раўажландырыў ҳәм талантлы жасларды Японияда IT тараўында жумыс пенен тәмийинлеў бағдарында Келисим Меморандумына;
“Digital Knowledge Co., Ltd” компаниясы ҳәм “Japan Digital University” университети менен Өзбекстанда генератив жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда Японияныӊ тәлим технологияларын енгизиў бағдарында үш тәреплеме Niyat Меморандумына;
Японияныӊ Компьютерлестириў бойынша халықаралық бирге ислесиў орайы арасында Японияныӊ IT компаниялары Өзбекстан базарына кирип келиўи ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў мақсетинде Санлы бирге ислесиў байланыс комитетин шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў ушын Niyat Меморандумына қол қойылды.

Ерисилген бирге ислесиў нәтийжесинде Өзбекстан жаслары Японияныӊ жоқары сапалы жоқары билимлендириў бағдарламалары тийкарында Өзбекстан ҳәм Японияда оқыў, Японияныӊ IT компанияларында әмелият өтеў ҳәм IT қәнигеси ретинде Японияда жоқары мийнет ҳақылы жумыс орынларын ийелеўге мияссар болады.
Н. Раҳмонова, ӨзА