Азия футбол конфедерациясының Чемпионлар лигасында табыслы ойын өткерип атырған Қаршының «Насаф» клубы оқыў-жыйын шынығыўларын өткериў мақсетинде Түркияға жөнеп кетти.

Анталия қаласында өткерилетуғын оқыў шынығыўлары даўамында «Насаф» клубы Косово, Әзербайжан, Россия, Венгрия, Польша ҳәм Украина мәмлекетлериниң командалары менен 9 жолдаслық ойынларын өткериўи режелестирилген.

Атап айтқанда, қашқадәрьялы футболшылар 14-январь күни Косовоның «Ллапи», 15-январьда Әзербайжанның «Туран», 18-январьда Россияның «Алания», 19-22-январь күнлери Венгрияның «Васас», «Сзегет», 23-январьда Тәжикстан U-23, 26-январьда Россияның және бир клубы «Кубан», 27-январьда Польшаның «Брук-Бет Термалика» ҳәм 30-январьда Украинаның «Ворскла» клублары менен өз-ара беллеседи.

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы