Қум-шағыл  тас араласпасын нызамсыз қазып алған ЖШЖ анықланды

502

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериў барысында қум-шағыл тас араласпасын нызамсыз қазып алған ЖШЖ анықланды.

Атап айтқанда, Беруний районындағы “S.M.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер шахслары өзлерине ажыратылған жер майданынан тысқарыда болған мәмлекет резервиндеги қорғалатуғын жер майданынан 47,2 мың куб  қум-шағыл тас араласпасын нызамсыз қазып алған. Нәтийжеде мәмлекетке 946,1 миллион сум зыян жеткергени анықланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги