Елликқала районындағы Мәлимлеме-ресурс орайында «Ең жақсы ғәзийне» жойбары шеңберинде «Китапқумарлық – миллет айнасы» атамасында ағартыўшылық илаж өткерилди.

Мақсет – жасларда китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў, ҳаял-қызлар, әсиресе, жас қызларымыз арасында ески әдебиятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң дүрданаларын үгит-нәсиятлаў, олардың санасында миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға ҳүрмет сезимин қәлиплестириў, умытылып баратырған руўхый мийрасларымызды тиклеў ҳәм жаңа китапларды үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Атап өтилгениндей, китап – заманлар толқынында жүзиўши, өзиндеги мәнилер ғәзийнесин әўладларға қәстерлеп жеткериўши ең қәдирли дәреклердиң бири болып есапланады. Ҳәттеки, айырым китаплардың ҳәр бир бети ҳикметлерге толы болып, олар кеўиллерге руўхый байлықты ҳәм ҳақыйқатты мөрлейди. Ийгиликли сезимлерди оятады.


Сонлықтан да, соңғы жылларда мәмлекетимизде китап оқыўды үгит-нәсиятлаўға, китапқумарлық мәдениятын арттырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

– Китап мәсләҳәтши, шын берилген жолдас, инсанға дос ҳәм бийбаҳа байлық болып есапланады. Сонлықтан да оның инсан өмириндеги орны жүдә зәрүрли,-дейди ӨзЛиДеП Елликқала районлық Кеңесиниң аппарат басшысы Д.Шарипова.

Миллеттиң руўхый дүньясын китапқа мүнәсибети, китапқумарлық дәрежесине қарап та анықлаў мүмкин. Дүнья мәдениятына мүнәсип үлес қосқан бабаларымыздың ерискен айрықша табысларының себеби де китап оқыўының арқасында болған.

Илажда сөз алғанлар китапқумарлық мәдениятын көтериў бойынша мәмлекетимизде бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берип, жас дөретиўши қызлар өзлери тәрепинен жазылған шығармалар, сондай-ақ, халық ардағындағы шайырлардың дөретпелеринен оқып берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги