Қытай автомобильлери экспорты 2023-жылы рекорд дәрежедеги 5,26 миллион данаға жетти. Бул ҳаққында «The Wall Street Journal» басылымы Қытай жеңил автомобиль ислеп шығарыўшылар ассоциациясы мағлыўматларына сүйенип хабар бермекте.

Басылым тәрепинен атап өтилиўинше, бул сырт елге автомобиль жеткерип бериў бойынша дәстүрий жетекши Япониядан дерлик 1 миллионға көп.

Өсиўдиң тийкарғы факторы Россиядағы талап болған. Бул жерде қытайлы автомобиль ислеп шығарыўшылар экспортты 2022-жылға салыстырғанда кеминде 5 есеге арттырып, 800 мың данаға жеткерди. Қытай компаниялары санкциялар ҳәм геосиясий кескинликлер шараятында Батыс бәсекилеслериниң кетиўи нәтийжесинде босатылған орынды толтырды.

«Өткен жылы Қытайдың «Chery» автомобиль компаниясы ең ири экспортшы болып, сырт елге 900 мыңнан аслам автомобиль жиберди. Бул «Tesla» ямаса «BYD»дан көбирек» — дейди Қытай жеңил автомобиль ислеп шығарыўшылар ассоциациясы бас хаткери Цуй Дуншу.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги