Орташа литрли пластикалық ыдыстағы суўда инсан саламатлығы ушын оғада қәўипли болған 240 мыӊға шамалас пластикалық бөлек бар, деп жазады Bloomberg” Колумбия университети тәрепинен өткерилген изертлеўге сүйенип.
“Нанопластикалар инсан саламатлығына микропластмассалардан көре көбирек қәўип туўдырады, себеби олардыӊ бөлеклери инсан клеткаларына кирип, органларға зыян жеткеретуғын дәрежеде киши”, — деп ескертеди мақала авторы.
Буннан тысқары, нанопластикалар плацентадан туўылмаған балалар денесине кирип барыўы мүмкин. Илимпазлар узақ ўақыттан берли олардыӊ шийше суўда бар екенинен гүманланған, бирақ бөлек нанобөлекшелерди анықлаў технологиясына ийе емес еди, деп жазады басылым.
Изертлеў авторлары жаӊа изертлеў усылын ойлап тапты. Оныӊ нәтийжелери 25 литр суўда 110 мыӊнан 370 мыӊға шекем элементлер бар екенин анықлады. Олардыӊ 90 проценти нанопластикалар. Соныӊ менен бирге, илимпазлар айырым элементлер белгисиз болып қалғанын, яғный пластик қурамы буннан да көбирек болыўы мүмкин екенин атап өтти.
Мағлыўматларға бола, ҳәр жылы дүнья бойлап 450 миллион тоннадан артық пластмасса ислеп шығарылады, олардыӊ айырымлары шығындыханаларға түседи. Оныӊ көп бөлеги тәбийғый түрде бөлекленбейди, бирақ ўақыттыӊ өтиўи менен киши фракцияларға бөлинеди.
Улыўма алғанда, паластмасса патасланыўы планетамызда кеӊ тарқалған болса-да, элементлер инсан денесине кириўи мүмкин екени себепли, пластикалық ыдысқа салынған суў илимпазлар ушын айрықша қызығыўшылық оятады, делинеди мақалада.
ӨзА