Франция ҳүкимети дәрегине сүйенип, «France24»тиң мәлим етиўинше, Эммануэль Макрон Борнның отставкасын қабыл етти ҳәм оған пидәкерлиги ҳәм исеними ушын миннетдаршылық билдирди.
Борн Франция Министрлер Кабинетин 2022-жылдың май айынан берли басқарып киятырған еди. Ол 62 жасында бул лаўазымда хызмет еткен екинши ҳаял есапланады.
Бас министрдиң өзгериўи пенсия системасы ҳәм иммиграция нызамларындағы пикир-таласлы реформалар нәтийжесинде жүзеге келген сиясий кризислер менен өткен ўақыядан бир жылдан кейин жүз берди.
Оның орнына потенциаллы талабанлар сыпатында тилге алынғанлар арасында 34 жасар билимлендириў министри Габриэль Атталь ҳәм 37 жасар қорғаныў министри Себастьян Лекорню бар. Итибарлы тәрепи, олардың ҳәр бири Франция тарийхындағы ең жас бас министр болыў итималы бар.
Қаржы министри Брюно Ле Мэр ҳәм бурынғы аўыл хожалығы министри Жульен Денорманди да экспертлер тәрепинен альтернатив талабан сыпатында тилге алынбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги