Президент Шавкат Мирзиёев 8-январь күни халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талапларды қысқартыўға байланыслы усыныслар презентациясы менен танысты.
Рәсмий статистикаға бола, елимизде жумыссызлар саны 1 миллион 300 мыңды қурайды. Усы жылы және 2 миллион 400 мың халық мийнет базарына кирип келеди.
Усыларды есапқа алып, сапалы ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынлары есабынан усы жылы 5 миллион халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсет етилген. Соның ишинде, хызметлер тараўында 2,5 миллион, аўыл хожалығында 2,1 миллион, инвестиция жойбарлары ҳәм санаатта 250 мың, қурылыста 140 мың жумыс орнын жаратыў имканияты бар.
Буннан тысқары, заманагөй финанслық инструментлер, соның ишинде, микроқаржыландырыўдың жаңа системасын кеңнен енгизиў арқалы 2 миллион халықты бизнеске тартыў нәзерде тутылмақта.
Презентацияда жуўапкерлер 2024-жылы жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў бағдарламасы бойынша мәлимлеме берди.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарламаны мақуллап, оны әмелге асырыў бойынша қосымша көрсетпелер берди.
Кейинги жылларда 2 миллион 400 мың халық өзин-өзи бәнт еткени атап өтилип, енди олардың жумысын кеңейтиў, басқышпа-басқыш киши бизнеске өткериў ҳәм базар табыўына жәрдемлесиў әҳмийетли екени айтылды. «Мениң бизнесим» платформасы, «Бизнеске биринши қәдем» банк карталары енгизилиўи буның ушын қолайлық жаратады.
Экономикалық айланысқа киргизилмеген жерлерди инфраструктураға жалғаў, жойбарларды иске қосыў ушын интакерлерди қоллап-қуўатлаў зәрүр екени атап өтилди. «Агрегатор» системасы тийкарында «100 мың экспортшы дийқан» бағдарламасы енгизилип, усы жылы 15 мың гектар жер майданлары аукционға шығарылатуғыны белгиленди.
Мийнет стажына ийе болмаған шахсларды кәсипке оқытыў, социалллық реестрдеги пуқараларды жумысқа алған кәрханаларға салық бойынша жеңилликлер қолланыў әҳмийетли екени де айтып өтилди.
Экономика ҳәм қаржы министрлигине жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша қосымша резерв ҳәм имканиятларды анықлаў ўазыйпасы қойылды.
Презентацияда исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талапларды қысқартыў ҳәм лицензиялаў тәртибин әпиўайыластырыўға байланыслы усыныслар да көрип шығылды.
Бизге белгили, усы жылы елимизде «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәрияланды. Бизнес жүргизиў ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсет етилген.
Усы ўақытқа шекем мағлыўматларды қосымша түрде талап етиў жағдайлары бар екенин атап өтиў керек. Усы жылдан баслап 34 түрдеги есабатлар бийкар етилмекте. Буның нәтийжесинде ҳәр жылы 21 мыңнан аслам исбилерменниң 500 миллион сум қәрежети үнемленеди.
Өзи улыўма етип айтқанда, исбилерменлер тәрепинен усынылатуғын есабатлардың бирден-бир дизими тастыйықланбаған. Сол себепли мәмлекетимиз басшысы бирден-бир есабатлар системасын енгизиў бойынша тапсырма берди.
Сондай-ақ, исбилерменлерге мәжбүрий талапларды қысқартыў мақсетинде 15 лицензия ҳәм рухсатнаманы бийкар етиў керек екени белгиленди.
Бул бағдарда берилип атырған жеңилликлерди исбилерменлерге жеткериў, олардың усынысларын турақлы үйренип, статистикалық есабатларды және де оптималластырып барыў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА