Қала ҳәм район ҳәкимлериниӊ елиў қарары ҳақыйқый емес деп табылды

275

Ҳәр ким өзиниӊ бузылған ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судларына мүрәжат етиўге ҳақылы.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен мәмлекетимизде жеке мүлктиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, ҳәр қандай мүлктиң қол қатылмаслығын ҳәм жер қатнасықларын тәртипке салыўға қаратылған социаллық-экономикалық реформаларды жедел әмелге асырыў, халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетке болған исенимин еле де беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында бир қанша кең көлемли ислер ҳәм илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Атап айтқанда, 2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын жәми 810 ис көрилип, соннан 500 ис бойынша яғный 67,7 процент арза бериўшилердиң мүрәжаты қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқықлары тикленген болса, 70 ис бойынша яғный 8,6 процент мүрәжат етиўшиниң арзасы қанаатлантырылмастан қалдырылған. 5 ис бойынша шағымлар көрилместен қалдырылып, 21 ис өндиристен қысқартылған.

Усы дәўир даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылған 810 истен 469 яғный 57,9 процентин мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардыӊ лаўазымлы шахсларыныӊ нызамға қайшы шығарылған қарарларын ҳақыйқый емес табыў менен байланыслы ислерди қурап, соннан 268 ис бойынша киргизилген талаплар қанаатлантырылған. Соның ишинде қала ҳәм район ҳәкимлериниӊ қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў менен байланыслы жәми 118 ис көрилип, соның 50 иси бойынша, яғный 42,4 проценти физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиӊ мүрәжаты қанаатлантырылып, олардыӊ бузылған ҳуқықлары менен мәплери тикленген болса, 54 ис бойынша яғный 45,8 процент усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған.

Яғный, физикалық ҳәм юридикалық судларға ҳәкимлердиӊ шығарған қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққында киргизилген арзаларын қанаатлантырылған жағдайларына тоқтап өтетуғын болсақ, Хожели районы ҳәкиминиӊ – 17, Нөкис районы ҳәкиминиӊ – 7, Қоӊырат районы ҳәкиминиӊ – 5, Нөкис қаласы ҳәкиминиӊ – 4, Беруний, Елликқала, Тақыятас ҳәм Шымбай районлары ҳәкимлериниӊ – 3 тен, Әмиўдәрья ҳәм Бозатаў районлары ҳәкимлериниӊ – 2 ден, Қараөзек районы ҳәкиминиӊ – 1 қарарларына қарата қолланылған.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен қала ҳәм район ҳәкимлери тәрепинен қарарлар қабыл етиўде нызам талапларына жетерли дәрежеде әмел етпегенликлери ушын усы түрдеги арзаларды көриў барысында анықланған нызам бузылыў жағдайлары бойынша жәми 45 айрықша уйғарыў шығарылды.  Улыўма алғанда, мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиӊ ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтиў бойынша алып барылып атырған реформалар белгиленген мақсетлердиң әмелге асырылыўы ҳәм инсан мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

А.Нурлипесов,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судыныӊ баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги