Израильдыӊ 90 күнлик ҳүжими даўамында 9730 бала ҳәм 6830 ҳаял қайтыс болды. 7-октябрьден берли Израиль әскерлери Газа секторында күнине кеминде 108 палестиналы баланы өлтирмекте, деп хабар бермекте “Анадолу” мәлимлеме агентлиги, Газа ҳүкимети баспасөз хызметиниӊ билдириўине сүйенген ҳалда.

Газа ҳүкимети Израиль армиясыныӊ ҳүжими ақыбетинде көрилген зыянлар ҳаққында қорқыншлы фактлерди келтирген.

Есабатқа бола, және 7000ға шамалас адам, олардыӊ үштен еки бөлеги ҳаяллар ҳәм балалар еле Газа секторында қоршаўда қалмақта яки дәрексиз жоғалған. Олардыӊ улыўма саны 22 мыӊ адамнан артқан, және 57 мыӊнан артық адам жараланған. Израиль әскерлериниӊ қолынан 326 медицина хызметкери қайтыс болған.

Сондай-ақ, Израильдиӊ ҳүжимлеринен 106 журналист қайтыс болған. Көширилген палестиналылар баспана тапқан тығылыс турақ жай орайлары шыдап болмайтуғын дәрежеде жаман. Бул болса 355 мыӊ адам арасында жуқпалы кеселликлерди келтирип шығарған.

Израиль армиясы 130 мәмлекетлик шөлкем, 93 мектеп ҳәм университетти ўайран еткен, 292 мектеп ҳәм университеттиӊ айырым бөлеклери зыян көрген. Газа секторында рак пенен кеселленген 10 мыӊ наўқас тийисли медициналық жәрдем көрсетилмегени ушын өлим қәўипи астында  қалмақта.

Израильдыӊ соққылары 218 мешитке зыян жеткерген, олардан 122си пүткиллей ўайран етилген. Сондай-ақ, 3 ширкеў бузылып кеткен.

Израиль армиясы Газа секторындағы 150 медициналық шөлкемге ҳүжим етип, 53 мединалық орай, 30 емлеўхана ҳәм 121 тез жәрдем машинасын истен шығарған. Сондай-ақ, 200 тарийхый ҳәм мәдений мийраслар да пүткиллей жоқ етилген.

ӨзА