Илажлар – Ўатанға муҳаббат, садықлық сезимлерин күшейтпекте

Ҳәзирги ўақытта орынларда «Жаңа турмыс ушын, жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында илажлар шөлкемлестирилмекте. Қараөзек районындағы Жаслар орайында да усы илаж шеңберинде «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» үгит-нәсият илажлары болып өтти.
Оған район ҳәкимлиги, «Нураный» қоры, «Идирис ийшан» жоме мешити, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминен жуўапкер басшылар, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары қатнасты.
Өткерилген илаж даўамында сөзге шыққанлар, жаслар арасында Ўатанға муҳаббат, халқымызға садықлық сезимлерин және де күшейтиўдиң, мәмлекетимизде руўхый-ағартыўшылық илажлары арқалы жасларға оны жеткериўдиң әҳмийетине тоқтап өтип, елимизде алып барылып атырған реформалар, ерисилген жетискенликлер ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.






Бул илажларға Есим, Ата мәкан ҳәм Fәрезсизлик гүзары мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы жасы үлкен нураныйлар, жаслар қамтып алынды.
Үгит-нәсият илажы даўамында викторина ойынлары да шөлкемлестирилип, онда халықтың, әсиресе, жаслардың жәмийетимиздеги белсендилигин арттырыў, соңғы жылларда әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар бойынша сораўлар берилип, белсенди нураный ҳәм жасларға китаплар саўға етилди.

Илаж районлық мәденият бөлими хызметлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары менен даўам етти.
Бундай илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги