Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры шөлкемлестириледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниӊ Социаллық қорғаў мәмлекетлик қорыныӊ жумысын шөлкемлестириў ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған бола, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниӊ Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниӊ Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры орынлаўшы дирекциясы структурасы тастыйықланды.
Қарар менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанында “Мәлимлеме технологиялар орайы” мәмлекетлик шөлкеми де шөлкемлестириледи.
“Мәлимлеме технологиялар орайы” мәмлекетлик шөлкеми:
Социаллық қорғаў мәмлектлик қоры, Агентликтиӊ бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылады;
мәлимлеме бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм бақлап барыў, сервер, компьютер қурылмалары ҳәм телекоммуникация тармақларына техникалық хызмет көрсетиў, Агентлик системасында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, “Call-марказ”жумысын шөлкемлестириў ҳәм басқа тараўларда Агентлик директоры тәрепинен тастыйықланатуғын жойбарларға муўапық тиккелей шәртнама тийкарында қаржыландырылады;
структурасы ҳәм хызметкерлердиӊ мийнетине ҳақы төлеў ҳәм оларды хошаметлеў шәртлери Агентлик пенен келисилген ҳалда, жойбарларға ажыратылған қаржылар шеӊберинде орай тәрепинен белгиленеди.
ӨзА