Имканиятлар – терең излениўге ийтермелейди

Мүнәсибет
Мәмлекетимиз басшысының «Мәнаўият басқа тараўлардан алдында жүриўи, жаңа күшке, жаңа ҳәрекетке айланыўы керек», деген сөзлери тийкарғы сүренимиз, ҳәр күнги ис режемизди белгилеп алыўымызда айрықша бағдар ўазыйпасын атқарады.
Биз дөретиўшилер Президентимиздиң басшылығында соңгы 6-7 жыл ишинде әдебиятқа ҳәм оның шын мәнистеги пидайыларына көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлықлар ушын мудамы мәмлекетимизден миннетдар болып келмектемиз.
Қарақалпақстан мысалында алып қарағанымызда уллы сөз сергерлери, Өзбекстан қаҳарманлары Төлепберген Қайыпбергеновтың үй мүзейиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеплериниң қурылыўы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен, 100 томлық «Түркий әдебият дүрданалары» ҳәм 16 томлық «Қарақалпақ әдебияты дүрданалары» сыяқлы әдебий топламлардың басып шығарылыўы, тек ғана биз дөретиўшилер емес, китап оқыўшылары қәлбине де руўхый азық алып кирмекте.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген 9 бағдардағы пикир ҳәм әҳмийетли басламаның ҳәр бири биз дөретиўшилер, ағартыўшылар тараўы ўәкиллери ушын өз алдына бир қолланба.
Дөретиўшиге емин-еркин қәлем тербетиў ушын имканият жаратылыўы белгиленбекте.
Китапқумарлық мәдениятын арттырыўды қоллап-қуўатлаў мәселеси, дөретиўшилик буйыртпалар, автор ҳәм аўдармашылардың қәлем ҳақыларын көбейтиў, тәжирийбели аўдармашыларды мүнәсип хошаметлеў ушын Агаҳий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў, баспахана ҳәм баспа кәрханаларының қаржы имканиятларын кеңейтиў мәқсетинде 5 жылға салықлардан азат етиў сыяқлы мәселелер бүгин ҳәр бир дөретиўшини және де терең излениўге ийтермелейди.
Ең тийкарғысы бүгин бизге инсан ҳәм оның мийнети өз қәдирин тапқан заманда дөретиўшилик пенен шуғылланыў бахты несип еткен.
Демек, қәлбимиздеги илҳам деп аталған иләҳий шырағымыз, мудамы халқымыз мәплери жолында өз шуғлаларын тарата береди.
Раўаж Отарбаев,
«Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы, шайыр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги