Бухара ўәлаятында 20 жасқа шекемги жаслар арасында волейбол бойынша Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.

Бул жарыста ерлер арасында 11, қызлар арасында 7 команда өз-ара күш сынасты.

Қызғын беллесиўлерге бай өткен жарыс жуўмағында, қызлар арасында Наманган ўәлаяты командасы биринши, бухаралылар екинши ҳәм Әндижан ўәлаяты жаслары үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, ерлер арасында жарыстың финалында болса, республикамыз жаслары майдан ийелери менен ушырасып, онда Бухара командасына жеңилип қалды. Ал, сыйлы үшинши орын болса, Сырдәрья ўәлаяты жасларына несип етти.

Жеңимпаз командалар кубок, медаль ҳәм баҳалы естелик саўғалар менен сыйлықланды.


Республикамыздың сайланды командасын бул жарысқа Толыбай Нәўбетуллаев ҳәм Дилшад Казаковлар таярлады.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы