Әзиз ўатанласлар!
Жанажан диярымызға жаңа-2024 жыл кирип келмекте.
Мине, усы қуўанышлы демлерде дуўаға қол жайған ата-аналарымызды, меҳрийбан апа-қарындасларымызды, барлық тараў ҳәм тармақлардың ўәкиллерин, күш-ғайратқа толы жасларымызды, сырт еллердеги қәдирли ўатанласларымызды-көп миллетли пүткил халқымызды усы қутлы әййям менен шын қәлбимнен қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли дослар!
Әлбетте, өмир бар екен, оның табыслары ҳәм қуўанышлары, тәшўишлери менен машқалалары да болатуғыны тәбийғый. Лекин инсан ҳәм халық ақыл-парасаты, ҳадал мийнети, беккем ерк-ықрары менен ҳәр қандай сынақлардан мүнәсип өтиўге уқыплы.
Усы мәнисте, 2023-жыл ел-журтымыз ушын қут-берекетли ҳәм әўметли келди. Ең әҳмийетлиси, елимизде тынышлық-татыўлық, түрли миллет ўәкиллери арасында дослық ҳәм аўызбиршилик ҳүким сүрмекте.
Тарийхымызда биринши мәрте улыўма халықлық референдумы тийкарында жаңаланған Конституциямызды қабыл еттик. Келешектеги раўажланыўымызды белгилеп беретуғын «Өзбекстан-2030» стратегиясын әмелге асырыўды басладық.
Көплеген абырайлы әнжуманларды жоқары дәрежеде өткердик.
Халықаралық майданда әҳмийетли басламаларды алға қойдық.
Турақлы экономикалық өсиў пәтлерин сақлап қалыўға еристик.
Республикамызда жоқары технологиялық заманагөй санаат кәрханалары, логистика ҳәм инфраструктура тармақлары, бақша ҳәм мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери қурылды. Жаңадан-жаңа жумыс орынлары ашылмақта. Қала ҳәм аўылларымыз абат болып, халықтың турмыс дәрежеси жоқарылап бармақта.
Биргеликтеги мийнетимиз себепли Жаңа Өзбекстан әрманы реал ҳақыйқатқа айланбақта. Барлық ерискен табысларымыз ушын сиз, әзиз ўатанласларыма шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли дослар!
Инсан қәдирин улығлаў, халқымыздың мәплерин тәмийинлеў, буның ушын күшли экономика дүзиў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады. Сол мақсетте 2024-жылды мәмлекетимизде «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы», деп жәрияладық.
Жаңа жылда экономикамызға сырт ел инвестицияларын тартыў, исбилерменлик ҳәм жеке меншик мүлк ушын кең имканиятлар жаратыўды және де күшейтемиз. Илим, инновация, IT сыяқлы тараўларды, «жасыл» ҳәм санлы технологияларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратамыз.
Жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў итибарымыз орайында болады. Мийнет ҳақы, пенсия, стипендия ҳәм напақалардың муғдары көбейтиледи.Ҳаял-қызлар ҳәм нуранийларды, жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаўға айрықша әҳмийет беремиз. Социаллық тараўлардың раўажланыўын пүткиллей жаңа басқышқа көтеремиз.
Ўатанымыздың ғәрезсизлигин беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.
Улыўмаластырып айтқанда, жаңа өмирди, Жаңа Өзбекстанды қурыў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды толық жумсаймыз.
Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!
Сизлерди Жаңа жыл байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм қут-берекет тилеймен.
Ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир мәҳәлле, пүткил журтымыз абадан болсын!
Гөззал Ўатанымызды Жаратқанның өзи панасында сақласын!
Жаңа жыл бәршемизге мүбәрек болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти