Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў, жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерин келисиў ҳәм тастыйықлаў және қурылыс-монтажлаў жумысларын алып барыў тәртибин жеңиллетиў, сондай-ақ, капитал қурылыста жумысты бөлип алып ислеўшилердиң ролин ҳәм жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги (кейинги орынларда Агентлик деп аталады) Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик раўажланыў бағдарламаларына киргизилген жойбарларды пайдаланыўға «таяр ҳалда тапсырыў» шәрти тийкарында(Engineering Procurement Construction) (кейинги орынларда – ЕРС-жумысты бөлип алып ислеўшилер) «fast-track» усылында (бир ўақыттың өзинде жойбарлаў, сатып алыў ҳәм қурылыс жумыслары) реализациялаўда жумысты бөлип алып ислеўшилерге, соның ишинде, шет елли жумысты бөлип алып ислеўшилерге қурылыс тараўындағы тийисли лицензиялар ҳәм (ямаса) руқсатнамаларды алмастан, жойбарларды сапалы әмелге асырыў бойынша толық жуўапкершиликти ЕРС –жумысты бөлип алып ислеўшилерге жүклеў шәрти менен бир мәртелик руқсат бериўге болатуғыны;
ЕРС- жумысты бөлип алып ислеўшилер «fast-track» усылында жойбарларды реализациялаў ушын руқсат алыўда сол сыяқлы жойбарлар бойынша әмелий тәжирийбеге, белгили бир қаржы көрсеткишлерине ҳәм маман инженерлердиң қурамына ийе болыўы және Агентлик тәрепинен белгиленген басқа да нормаларға сәйкес келиўи шәрт екени;
Архитектура ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў жумысын лицензиялаў Агентлик тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қурылыс жойбарларын экспертизадан өткериў жумысын лицензиялаў бийкар етилсин.
- Усы Пәрманның қосымшасында нәзерде тутылған қурылыс тараўындағы айырым жумыс түрлерин лицензиялаў Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги тәрепинен Агентлик пенен келисе отырып, әмелге асырылатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Аккредитация орайы (кейинги орынларда – Орай) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қурылыс жойбарларын экспертизадан өткеретуғын шахсларды аккредитациялаўға жуўапкер уйым екени;
Агентликтиң мәмлекетлик буйыртпашысы ҳәм «fast-track» усылында жойбарларды реализациялаўға руқсат алған ЕРС-жумысты бөлип алып ислеўшиси арасында мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында тиккелей шәртнама дүзиўге руқсат етиўге ҳақылы екени белгилеп қойылсын;
- Орайға «fast-track» усылында жойбарларды реализациялаўға руқсат алған ЕРС-жумысты бөлип алып ислеўшилер тәрепинен техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы халықаралық ҳәм (ямаса) миллий нормативлик ҳүжжетлерден пайдаланыў талапларын белгилеў және келисиў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-апрельдеги «Қурылыс тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5392-санлы Пәрманы үшинши бәнтиниң бесинши абзацы және оның 1-қосымшасы өз күшин жойытқан деп табылсын.
- Агентлик Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:
архитектура ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў жумысын лицензиялаў тәртибин және қурылыс тараўындағы айырым жумыс түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ушын киргизиўди;
нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизиўди тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң директоры Ш.М. Садиковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 22-май