Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Халықтың денсаўлығын сақлаў, турақлы санитариялық-эпидемиологиялық жағдайды тәмийинлеў ҳәм жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде елимизде эпидемиологиялық турақлылық тәмийинленбекте.

Соның менен бирге, көрилип атырған илажларға қарамастан, халықтың эпидемиологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеўде, гриппке ғалаба шалыныў жағдайларының алдын алыўда, пандемиялық потенциалға ийе жоқары патоген вируслы инфекцияларға қарсы гүресиўде бир қатар кемшиликлер бар.

Өткерилген изертлеўлердиң нәтийжелери грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялардың тәсиршең профилактикасы бойынша илажларды нәтийжели әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған шараятлар ҳәм машқалалар бар екенин көрсетпекте:

бириншиден, турақлы генетикалық өзгерислер және адамлар ушын қәўипли вируслардың пайда болыў қәўпи, сондай-ақ, миграция процесслериниң жеделлесиўи жүзеге келип атырған инфекциялық қәўип-қәтерлерге жедел мүнәсибет билдириўди талап етпекте ҳәм емлеў-профилактикалық илажларды әмелге асырыўды қыйынластырмақта, соның ишинде бул тараўда нәтийжели халықаралық бирге ислесиў механизмлерин жолға қойыў зәрүрлигин келтирип шығармақта;

екиншиден, инфекция жуғыў қәўпи жоқары болған халықтың топарын вакцинопрофилактика етиў дәрежесиниң ҳәзирги заман талапларына сай келмеўи гриппке шалыныў дәрежесиниң артыўы ушын шараят жаратпақта;

үшиншиден, дизимге алыў механизмлериниң толық емеслиги вакциналар, диагноз қойыў топламлары ҳәм вирусқа қарсы қураллардың өз ўақтында алып келиниўин қыйынластырмақта;

төртиншиден, импорт етилген вакциналар ҳәм вирусқа қарсы қураллардың өзине тән белсендилиги, сондай-ақ, импорт етилетуғын қус ҳәм шарўашылық өнимлериниң адамлар ушын қәўипли вируслардан жырақ екени үстинен зәрүр дәрежедеги лабораториялық қадағалаўды тәмийинлемей атыр;

бесиншиден, емлеў мәкемелерин грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларға жедел диагноз қойыў қураллары, вирусқа қарсы қураллар ҳәм жеке қорғаныў қураллары менен тәмийинлеўде, сондай-ақ, гриппке шалынған наўқаслардың өмирине қәўип туўдыратуғын жағдайларды ерте анықлаўда кемшиликлер бар;

алтыншыдан, барлық қәнигеликтеги шыпакерлердиң заманагөй усыллар менен грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларды профилактика етиў, оларға диагноз қойыў ҳәм емлеў бойынша маманлығын арттырыў процеси, сондай-ақ, шыпакерлердиң наўқасларды анықлаў ҳәм оларды өз ўақтында емлеў бойынша белсендилигин хошаметлеў зәрүр дәрежеде шөлкемлестирилмеген;

жетиншиден, грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялар машқалалары бойынша илимий-изертлеўлер өткериў, жергиликли вакциналар, вирусқа қарсы қураллар, диагноз қойыў ҳәм емлеў усылларын ислеп шығыў, кеселликлерди қадағалаўдың автоматластырылған системасын енгизиў, сондай-ақ, бул мақсетлерге инвестицияларды ҳәм грантларды тартыў бойынша жумыслар төмен дәрежеде алып барылмақта.

Грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялардың тарқалыўына қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў, қолайлы санитариялық-эпидемиологиялық жағдайды тәмийинлеў және халықтың денсаўлығын сақлаў бойынша илажларды күшейтиў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларды профилактика етиў, оларға диангноз қойыў ҳәм емлеў тараўындағы жумыслары қанаатландырарсыз, деп табылсын.
  2. Төмендегилер Денсаўлықты сақлаў министрлиги және басқа да жуўапкер ведомстволардың грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялар тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

жер жүзилик ҳәм регионаллық санитариялық-эпидемиологиялық жағдайдың турақлы талқыланыўын ҳәм мониторингин алып барыў, елимизде грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялардың тарқалыўы тенденцияларын және кең тарқалыўы мүмкин болған жағдайларды болжаў;

грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялар машқалалары бойынша илимий-изертлеўлер өткериў және оларды муўапықластырыў, вакциналар, вирусқа қарсы қураллар ҳәм қорғаў қуралларының, усы кеселликлерди профилактика етиў, оларға диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң инновациялық усылларын ислеп шығыў және енгизиў;

денсаўлықты сақлаў мәкемелерин ҳәм халықты зәрүр көлемде зәрүрли вакциналар, вирусқа қарсы қураллар және жеке қорғаныў қураллары менен өз ўақтында тәмийинлеў ҳәм олардың резервин қәлиплестириў;

грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялардың комплексли профилактикасын, биринши гезекте, жуқтырыў ҳәм аўыр ақыбетлерге шалыныў қәўпи жоқары болған халық топарының улыўма вакцинасын шөлкемлестириў арқалы әмелге асырыў;

кең тарқалыўы мүмкин болған грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялардың дәслепки эпидемиологиялық белгилерин анықлаў ҳәм келешекте халықтың арасында наўқасланыўды азайтыў ушын комплексли қыстаўлы илажларды әмелге асырыў.

  1. 2018-жылы Өзбекстан Республикасында грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялардың тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда Илажлар бағдарламасы деп аталады) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Илажлар бағдарламасын әмелге асырыў ушын шет еллердиң, халықаралық қаржы шөлкемлериниң жеңилликли кредитлерин (қарызларын) ҳәм грантларын және бюджеттен тыс басқа да қаржыларды тартыў бойынша зәрүр илажлар көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарлы есап-санақлары бойынша грипптиң аўыр түрлери ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялар пайда болғанда вакциналар, вирусқа қарсы қураллар, жеке қорғаныў қураллары, ерте диагноз қойыў үскенелери менен тәмийинлеў ҳәм қыстаўлы жәрдем көрсетиў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен кейинги жылларда зәрүр қаржылар ажыратыўды нәзерде тутсын.
  3. 2018-жыл 1-августтан грипптиң аўыр түрлерине ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларға шалынған және клиникалық-эпидемиологиялық көрсетпелер бойынша қусларда ҳәм ҳайўанларда ушырасатуғын грипптиң жоқары патоген вирусларын және адамлар ушын қәўипли болған басқа да өткир респиратор инфекцияларды жуқтырғанда гүманланып атырған щахсларға усы вирустың түрлери бойынша мәжбүрий диагноз қойылыўы белгилеп қойылсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

жуқпалы кеселликлер стационарларында, туўыў комплекслеринде және перинатал орайларда, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайында ҳәм оның филиалларында  гриппке диагноз қойыў бойынша экспресс-тестлердиң және гриппти емлейтуғын вирусқа қарсы арнаўлы қуралдың қайта тиклениўши резерви шөлкемлестирилиўин, сондай-ақ, өткир респиратор инфекциялардың аўыр түрлерине шалынған наўқасларды емлеў ушын бул тараўға қәнигелескен стационарлардың жанландырыў ҳәм интенсив терапия бөлимлери зәрүр әсбап-үскенелери ҳәм жумсаў материаллары менен үскенелениўин тәмийинлесин;

бир ай мүддетте гриппти жуқтырыў ҳәм оның аўыр белгилерин басынан өткериў қәўпи жоқары болған шахсларды мәўсимнен алдын вакцинация менен қамтып алыў мақсетинде олардың тийкарланған контингентин, сондай-ақ, зәрүр қаржы қәрежетлери көлемин анықласын және Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда усы контингенттиң вакцинациясын шөлкемлестирсин ҳәм вакциналар сатып алыўдың қаржыландырыў дәреклерин белгилеў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик ветеринария бойынша комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети, «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК және «Өзбекстан темир жоллары» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте жоқары патоген грипп вируслары ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялардың Өзбекстан Республикасы аймағына кирип келиўин қадағалаў және оның алдын алыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын, сондай-ақ, оның өз ўақтында орынланыўын тәмийинлесин;

Инновациялық раўажланыў министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети және Экономика министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларға қарсы вакциналар, диагноз қойыў қураллары, вирусқа қарсы қураллар және жеке қорғаныў қуралларының жергиликли ислеп шығарылыўын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы менен биргеликте 2018-жыл 1-августқа шекем грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларды профилактика етиў, оларға диагноз қойыў, емлеў бойынша мақсетли илимий-изертлеў жумысын шөлкемлестириў, алдынғы шет елли илимий қолланбаларды ҳәм жаңа нәтийжели қуралларды енгизиў тәжирийбесин үйрениў, кейин ала инновациялық қолланбалардың нәтийжелерин денсаўлықты сақлаў әмелиятына енгизиў бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын, сондай-ақ, оның Денсаўлықты сақлаў министрлиги Вирусология илимий-изертлеў институты базасында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының тийисли институтларын тартқан ҳалда өз ўақтында орынланыўын тәмийинлесин;

2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте Ташкент Врачлардың маманлығын арттырыў институтының оқыў бағдарламасын жетилистириў илажларын, соның ишинде, оқыў процесине жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартқан ҳалда, грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларды профилактика етиў, оларға диагноз қойыў ҳәм емлеў терең үйренилиўин нәзерде тутатуғын илажларды көрсин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы үстинен мониторинг өткерилиўин және өткерилген илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәр шеректе есаплар берип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги халықтың арасында грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларды профилактика етиў мәселелери бойынша системалы түрде мәлимлеме-ағартыўшылық жумысларды алып барсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери емлеў-профилактика мәкемелерин зәрүрлигине қарай грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекцияларды нәтийжели профилактика етиў, оларға диагноз қойыў ҳәм емлеў ушын зәрүр болған нәтийжели жеке қорғаныў ҳәм жедел-диагноз қойыў қураллары, вирусқа қарсы, патогенетикалық және басқа да қураллар ҳәм үскенелер менен тәмийинлесин.
  3. Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте таза санитариялық-эпидемиологиялық жағдайды тәмийинлеў бойынша илажларды күшейтиў мақсетинде Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың халықтың денсаўлығына унамлы тәсир етиўин есапқа алып, 2019-жыл 1-мартқа шекемги мүддетте 2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасында грипп ҳәм басқа да өткир респиратор инфекциялар тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша илажлар бағдарламасының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери Р.С.Қосимовқа, Р.Р.Иноятовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.В.Акмаловқа ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

      Ташкент қаласы,

2018-жыл 18-май