Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Киши ҳәм орта бизнести финанслық қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, халықта исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў, олардың бизнес басламаларын қаржыландырыў ҳәм жойбарларын әмелге асырыўға жәрдемлесиў бойынша тутас система енгизиў мақсетинде:

  1. Халықты киши ҳәм орта бизнеске кеңнен тартыўдың төмендеги тийкарғы бағдарлары белгиленсин:

халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин оқытыў арқалы олардың бизнес басламаларын финанслық ҳәм консультатив қоллап-қуўатлаў системасын жолға қойыў ҳәм «шаңарақлық исбилермен – микробизнес – киши бизнес – орта бизнес» шынжыры тийкарында олардың жумысын кеңейтиў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде киши ҳәм орта бизнес жойбарларын «Бизнести раўажландырыў банки» АКБ, «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ ҳәм басқа да коммерциялық банклерден ибарат тутас финанслық система  тийкарында қоллап-қуўатлаў;

исбилерменликке оқытыў, киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қаржыландырыў ҳәм бизнес процесслериниң барлық басқышларында турақлы бирге ислесиўди «Киши бизнеске көмеклесиў орайы» ЖШЖлар ҳәм «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖда, сондай-ақ, ўәкилликли уйымлар ҳәм коммерциялық банклердиң исбилерменлик бағдарындағы электрон платформаларда (кейинги орынларда – электрон платформалар) әмелге асырыў.

  1. 2024-2026-жыллар ушын «Бизнести раўажландырыў банки» АКБ ҳәм «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ жумысының тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленсин:

а) «Бизнести раўажландырыў банки» АКБ бойынша:

киши исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын кредитлер қалдығын 1,7 есеге арттырыў арқалы кредит портфелиндеги үлесин 28 проценттен 43 процентке жеткериў;

киши бизнес жойбарларын қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлеринен жәми 800 миллион АҚШ долларға шекемги муғдарда ресурслар тартыў;

300 миллион АҚШ доллар муғдарында облигация (евробонд)ларды халықаралық капитал базарларында айланысқа шығарыў;

150 мың киши исбилерменлик субъектиниң жумысын жолға қойыў ҳәм кеңейтиў;

б) «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ бойынша:

киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлерине көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин 8 триллион сумнан 14 триллион сумға жеткериў;

150 орта бизнес кәрханасына үлес киргизиў ҳәм хызметлер ипотекасы тийкарында 300 жойбарды исбилерменлик субъектлерине сатыў;

орта исбилерменлик субъектлериниң санын 2,5 есеге арттырыў;

300 миллион АҚШ доллары муғдарында облигация (евробонд)ларды халықаралық капитал базарларында айланысқа шығарыў.

3.Төмендегилер:

Халықты киши ҳәм орта бизнеске кеңнен тартыў бойынша республикалық комиссиясы (кейинги орынларда – Республикалық комиссиясы) 1-қосымшаға муўапық қурамда;

Халықты киши ҳәм орта бизнеске кеңнен тартыў бойынша аймақлық комиссиялар 2-қосымшаға муўапық үлги қурамда шөлкемлестирилсин.

  1. Республикалық комиссия (Қўчқоров) 2023-жыл 15-декабрьге шекем:

аймақлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың жөнелислер кесиминде 2024-жылы 2 миллион халықты бизнеске тартыўдың мақсетли көрсеткишлерин;

«Бизнести раўажландырыў банки» АКБ ҳәм «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ жумысының тийкарғы мақсетли көрсеткишлерине ерисиў бойынша анық илажларды (тармақ кестелерин) тастыйықласын.

Экономика ҳәм қаржы министриниң биринши орынбасары И.И.Норқулов, Орайлық банк баслығының орынбасары А.А.Турдалиев ҳәм өзлерине бириктирилген аймақлар бойынша Республикалық комиссияның ағзаларына халықты киши ҳәм орта бизнеске кеңнен тартыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў ҳәм мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ўазыйпасы жүкленсин.

Республикалық комиссия ағзалары бир ай мүддетте өзлери бириктирилген аймақта ҳәр бир район ҳәм қалаға шыққан ҳалда, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын оқыў семинарларын шөлкемлестирсин.

  1. Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры (Вафаев) бир ай мүддетте «Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў» комплексли бағдарламасы шеңберинде жойбарларды қаржыландырыў ушын «Бизнести раўажландырыў банки» АКБға жәми 300 миллион АҚШ доллар муғдарында, соның ишинде:

75 миллион АҚШ доллар «Бизнести раўажландырыў банки» АКБның устав капиталын арттырыўға;

225 миллион АҚШ доллар субординар қарыз сыпатында 15 жыл мүддетке, 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 5 процент ставкада қаржылар ажыратсын.

  1. а) киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи тийкарында хызмет көрсетиў ушын «Киши бизнеске көмеклесиў орайы» ЖШЖлар ҳәм «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖның ўәкиллери белгиленген тәртипте Саўда-санаат палатасының аймақлық басқармаларының имаратларына жайластырылатуғыны;

б) Саўда-санаат палатасы (Ваҳобов), Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил (Қосимов), Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги (Убайдуллаев) ҳәр ҳәпте:

мәҳәллелерге шыққан ҳалда халық ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында мәмлекетлик бағдарламаларда киши ҳәм орта бизнес ушын белгиленген финанслық имканиятлар ҳаққында үгит-нәсиятлаў жумысларын алып баратуғыны;

«Киши бизнеске көмеклесиў орайы» ЖШЖларда үлги көнликпелер тийкарында халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын оқыў семинарларды өткерип баратуғыны;

потенциаллы исбилерменлик субъектлерин анықлап, «Киши бизнеске көмеклесиў орайы» ЖШЖларға ҳәм «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖның ўәкиллерине олардың жойбарларын әмелге асырыў бойынша усыныслар беретуғыны белгиленсин.

  1. Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде ажыратылып атырған кредитлерден нәтийжели пайдаланыў, олардың өз ўақтында қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде 2024-жыл 1-июльдан баслап:

кредит ажыратыўдың барлық басқышлары (арзаны көрип шығыў, қарар қабыл етиў, кепиллик бериў ҳәм кредит ажыратыў) санластырылған ҳалда электрон платформаларда әмелге асырылатуғыны;

кредит тәмийнатларын қадағалаў, гиреўге алынған мүлклерди хатлаўдан толық ямаса бир бөлегин шығарыў ҳәм алмастырыў процесслери электрон платформалар арқалы орайласқан ҳалда шөлкемлестирилетуғыны;

мәлимлеме технологиялары жәрдеминде қарыйдарлар бизнес-режелер тийкарында жумыс алып баратуғыны, пул ағымлары ҳәм басқа да көрсеткишлерди таллаў арқалы қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў механизми әмелиятқа киргизилетуғыны;

мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде район (қала) ҳәм мәҳәллелерге ажыратылатуғын кредитлер көлеми жүзеге келген машқалалы кредитлер үлесинен келип шығып белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2024-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик сатып алыўлар арнаўлы мәлимлеме порталында мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханалар менен кооперация тийкарында шөлкемлестирилген киши исбилерменлик субъектлерине өзлери ислеп шығарған товарларды (өнимлерди) мәмлекетлик буйыртпашыларға бир финанс жылы даўамында жәми 10 миллиард сумға шекемги баҳада тиккелей шәртнамалар тийкарында сатыўға рухсат берилсин.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған шәртнамаларды дүзиў ҳәм дизимнен өткериў ушын мәмлекетлик сатып алыўлар арнаўлы мәлимлеме порталында өз алдына бет шөлкемлестирсин ҳәм оны министрликлер және уйымлардың мағлыўматлар базалары менен интеграциялансын.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Норқулов):

Орайлық банк (Турдалиев), «Бизнести раўажландырыў банки» АКБ (Аннақличев), «Исбилерменлик раўажландырыў компаниясы» АЖ, Саўда-санаат палатасы (Ваҳобов) ҳәм Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил (Қосимов), менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған имканиятлар ҳәм оларда қатнасыў шәртлери ҳаққында презентация материаллары ҳәм видеороликлерден ибарат үлги қолланбалар таярлап, Республикалық комиссия ағзалары ҳәм аймақлық комиссияларға жеткерилиўи ҳәм электрон платформаларда жайластырылыўын тәмийинлесин;

мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министр орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Орайлық банктиң баслығы М.Б.Нурмуратов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 15-ноябрь