Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, медициналық хызмет көрсетиў сапасын арттырыў, халықтың саламатлығын исенимли қорғаў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, тараўды түп-тийкарынан реформалаўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўын табыслы тәмийинлеў, заманагөй емлеў усылларын әмелиятқа кеңнен енгизиў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў жолындағы үлкен хызметлери ҳәм социаллық турмыстағы белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
II дәрежели «Саломатлик» ордени менен
Ерназаров Оралбай – Мойнақ районы медицина бирлеспесиниң қыстаўлы қабыллаў бөлиминиң терапевти
«Дўстлик» ордени менен
Оразалиев Базарбай Хаитбаевич – Беруний районы медицина бирлеспесиниң хирургиялық бөлиминиң хирурги
«Шуҳрат» медалы менен
Атажанова Замира Нуруллаевна – Елликқала районы медицина бирлеспесиниң анестезиология ҳәм реанимация бөлиминиң үлкен мийирбийкеси
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 10-ноябрь