Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң дәслепки жылларынан баслап темир жол саласын раўажландырыўға болған үлкен итибар нәтийжесинде усы тармақта жоқары шеклерге ерисилмекте. Бүгинги күнге келип темир жол транспорты системасы өз раўажланыўының жаңа басқышына көтерилди.
Темир жол транспорты саласын түп-тийкарынан реформалаў, қыйын таў ҳәм шөл шараятында жаңа темир жолларын қурыў, тез жүрер поездлардың ҳәрекетин шөлкемлестириў, темир жолларды электрлестириў, жүк ҳәм жолаўшы тасыў вагонларын ислеп шығарыў бойынша ири жойбарлардың әмелге асырылыўы тек ғана транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға емес, ал пүткил елимизди раўажландырыўға хызмет етпекте.
Елимиз экономикасында стратегиялық әҳмийетке ийе болған «Наўайы – Үшқудық – Нөкис – Султанўәйистаў», Әмиўдәрья бойлап қурылған көпир, «Ташгүзар – Байсын – Қумқорған» ҳәм «Ангрен – Пап» темир жолларының қурылысы Өзбекистанда ғәрезсиз, бирден-бир темир жоллар тармағын қәлиплестириў имканиятын жаратты.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде темир жол саласы қыйын тиклениў ҳәм раўажланыў жолын басып өтти. Нәтийжеде елимиздиң барлық регионларын бир-бири менен исенимли ҳәм нәтийжели байланыстыратуғын және халықаралық транспорт жолларына шығыў имканиятын беретуғын темир жол транспорты коммуникацияларының бийғәрез, бирден-бир ҳәм бир пүтин системасы қурылды.
«Ангрен – Пап» темир жолы менен туннелиниң қурылғаны ҳәм пайдаланыўға тапсырылғаны Ферғана ойпатлығының ўәлаятларын республикамыздың қалған аймақлары менен беккем байланыстырды, усы темир жол Қытай – Орайлық Азия – Европа жаңа темир жол транзит жолының ажыралмас ҳәм әҳмийетли буўыны болып хызмет етеди.
Өзбекистанда ғәрезсизлик жылларында темир жол транспорты коммуникацияларын ҳәм инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыўға 7,5 миллиард долларлық капитал қойылмалар, соның ишинде, 2,4 миллиард доллар муғдарында шет ел инвестициялары бағдарланды.
«Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети тәрепинен жаңа темир жолларды қурыў ҳәм реконструкциялаў, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў имканиятын беретуғын инновациялық жойбарларды тармаққа енгизиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, сала ушын заманагөй билимли кадрларды таярлаў, олардың маманлығын арттырыў, бул ушын тийисли шараятлар жаратыў ҳәм басқа да социаллық мәселелерди шешиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Темир жолларда жүклер менен жолаўшыларды тасыў көлемин арттырыў, темир жол инфраструктурасын раўажландырыў бағдарында соңғы жылларда ерисилген табысларды есапқа алып және сала қәнигелерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде, сондай-ақ, салада мийнет етип атырған кең жәмийетшиликтиң усынысларын инабатқа алып:
- 2017-жылдан баслап август айының биринши екшемби күни «Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күни» деп жәриялансын.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери, «Өзбекистан темир жоллары» АЖ, жуўапкер министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери менен шөлкемлер Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күнин салаға сәйкес тәризде, салтанатлы тәризинде өткериўди тәмийинлесин.
- Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күнин белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддет ишинде Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күнин белгилеў бойынша тийисли нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары – «Өзбекистан темир жоллары» АЖ басқарма баслығы А.Ж.Раматовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 2-август