Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Елимизде денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта, қәнигелестирилген, қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдемди, пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳәм беккемлеў тараўындағы жумысты жетилистириўге байланыслы бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Ерисилген унамлы нәтийжелерге қарамастан, аллергиялық кеселликлерге диагноз қойыў, оларды емлеў және профилактикалаў тараўында үлкен машқалалар ҳәм кемшиликлер сақланып қалмақта. Атап айтқанда:
бириншиден, аллергологияның фундаменталь ҳәм әмелий тийкарлары әмелий медицинадан ажыралған ҳалда раўажланыўы принципиал жаңа, молекуляр дәрежеде аллергиялық кеселликлерге диагноз қойыўдың ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын әмелиятқа кеңнен енгизиўге және қолланыўға жетерлише итибар қаратыў имканиятын бермей атыр;
екиншиден, медицина мәкемелерин емлеў-диагностика аллергенлери менен тәмийинлеўдеги кемшиликлер медицина әмелиятында антибиотиклер, антигистамин ҳәс гармонал дәри қуралларының тийкарсыз тәризде кеңнен қолланылыўына алып келмекте;
үшиншиден, орынларда аллергиялық кеселликлердиң дәслепки ҳәм екиленши алдын алыў, қәнигелескен аллергологиялық жәрдемди тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар көрилмей атыр, ақыбетинде наўқаслар ўәлаят орайларында ҳәм республиканың пайтахтында емлениўге мәжбүр болмақта;
төртиншиден, бул тараўда кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасы заман талапларына жуўап бермейди, соның нәтийжесинде медицина мәкемелерин маман врач-аллергологлар ҳәм иммунологлар менен толықтырыў қанаатландырарсыз жағдайда қалмақта;
бесиншиден, мәлимлеме топлаў, талқылаў ҳәм алмасыў, исенимли статистикалық есап жүргизиўдиң нәтийжели механизми жолға қойылмаған, аллергологиялық жәрдем көрсетиў тараўында медицина мәкемелериниң қәнигелескен бөлимлерин қадағалаў ҳәм муўапықластырыў бойынша бирден-бир система жоқ;
алтыншыдан, медицина мәкемелериниң, соның ишинде, Республикалық илимий-қәнигелестирилген аллергология орайының материаллық-техникалық базасы, заманагөй медицина үскенелери менен тәмийинленгенлик дәрежеси аллергиялық кеселликлерге нәтийжели диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў мүмкиншилигин бермей атыр.
Қәнигелестирилген аллергологиялық жәрдем көрсетиўди жетилистириў, оның сапасын жақсылаў ҳәм оннан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, аллергиялық кеселликлерге диагноз қойыў ҳәм оларды емлеўде алдынғы усылларды енгизиў, сондай-ақ, тараўда жумыс ислейтуғын медицина мәкемелерин материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў мақсетинде:
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Республикалық илимий-қәнигелестирилген аллергология орайының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
аллергология тараўында фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер алып барыў тийкарында аллергиялық кеселликлерди профилактикалаў, оларға молекуляр диагноз қойыў ҳәм емлеў бойынша бирден-бир орайластырылған системаны жаратыў және аллергиялық кеселликлерди ерте анықлайтуғын скрининг бағдарламаларды барлық орынларда басқышпа-басқыш енгизиў;
денсаўлықты сақлаў амелиятына илимниң унамлы нәтийжелерин енгизиў мүмкиншилигин беретуғын биомедицинаның дүнья жүзилик жетискенликлери менен байланыслы ҳалда аллергология тараўында илимий-әмелий изертлеўлер алып барыў, аллергиялық кеселликлердиң алдын алыў, оларға диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң инновациялық усылларын ислеп шығыў;
аллергиялық кеселликлерге диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў ушын зәрүр болған дәри-дәрмақ қураллары, медицинада қолланыў ушын мөлшерленген буйымлар ҳәм медицина техникасы, соның ишинде, диагноз қойыў ҳәм емлеў аллергенлери, реагентлери ҳәм жумсаў материаллары менен тәмийинлеў дәрежесин арттырыў;
клиникалық аллергология ҳәм иммунология тараўында кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириў, медицина мәкемелериниң кадрлар потенциалын арттырыў, бул тараўда жетекши шет ел медициналық билимлендириў мәкемелери менен тығыз бирге ислесиўди орнатыў;
биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў, аллергология тараўына грантларды ҳәм инвестицияларды тартыў, тәжирийбе алмасыў мақсетинде шет елдеги илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, сондай-ақ, аллергология тараўын раўажландырыўға бағышланған конференциялар, симпозиумлар ҳәм семинарлар өткериў.
- Аллергиялық кеселликлердиң алдын алыў, оларға диагноз қойыў ҳәм емлеўди жетилистириў бойынша комплексли илажлар (кейинги орынларда комплексли илажлар деп аталады) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте комплексли илажларды әмелге асырыў ушын шет еллердиң, халықаралық қаржы шөлкемлериниң жеңиллетилген кредитлерин (қарызларын) ҳәм грантларын және басқа да бюджеттен тысқары қаржыларды тартыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң аллергиялық кеселликлерди ерте анықлаў ушын 18 жасқа толмаған ҳәм қәўип астында болған балаларды 2019-жыл 1-январьдан 1-июльге шекем тексериў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акцияны (кейинги орынларда – бир мәртелик акция) жәриялаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Бир мәртелик акция шаңарақлық поликлиникаларда ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлеринде, сондай-ақ, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине барған ҳалда пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллериниң белсене қатнасыўында бийпул тийкарда өткерилетуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддетте «Денсаўлықты сақлаў» тармағы бойынша ҳәр жылы нәзерде тутылатуғын бюджет қаржылары шеңбринде:
усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды ҳәм бағдарларды есапқа ала отырып, Республикалық илимий-қәнигелестирилген аллергология орайының жаңаланған шөлкемлестириўшилик – штат структурасын ҳәм шөлкемлестириў ҳүжжетлерин тастыйықласын;
мәмлекетлик медицина мәкемелериниң емлеў-диагноз қойыў аллергенлерине болған талабын анықласын және мәмлекетлик медицина мәкемелериниң зәрүрликлери ушын өз ўақтында ҳәм үзликсиз жеткерип бериў мақсетинде оларды сатып алыўды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги «Дәри-Дәрмақ» АК ҳәм Республикалық илимий-қәнигелестирилген аллергология орайы менен биргеликте 2018-жыл 1-сентябрьге шекем нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте талап ең жоқары болған емлеў-диагноз аллергенлери мәмлекет тәрепинен дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Экономика министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы, Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте аллергияға қарсы дәри қуралларын, профилактика рекомбинант аллергия вакциналарын, емлеў ҳәм диагноз қойыў аллергенлерин тийкарғы түрде еркин экономикалық зоналар аймағында ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ай мүддетте:
а) Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте Республикалық илимий-қәнигелестирилген аллергология орайында лаборатория әмелияты халықаралық стандартларға (GLP) жуўап беретуғын заманагөй жоқары технологиялық үскенелер менен тәмийинленген клиникалық – иммунология лабораториясын шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизсин;
б) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте жоқары медициналық билимлендириў мәкемелериндеги оқыў бағдарламаларын ҳәм жүклемелерин сын көзқарастан үйрениў тийкарында:
Ташкент медицина академиясы ҳәм Ташкент педиатрия медицина институтында аллергология ҳәм клиникалық иммунология кафедрасын шөлкемлестириў;
2018/2019 оқыў жылынан клиникалық ординатураға қабыл етиў квотасын көбейтиў;
2019/2020 оқыў жылынан «Аллергология ҳәм клиникалық иммунология» қәнигелиги бойынша магистратура бағдарын ашыў;
Ташкент шыпакерлердиң маманлығын арттырыў институтында аллергологлардың маманлығын арттырыў оқыў бағдарламаларын жетилистириў;
аллергиялық кеселликлерге диагноз қойыў ҳәм емлеў ушын зәрүр болған дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын жаратыў ҳәм ислеп шығарыў тараўындағы заманагөй жетискенликлерди есапқа ала отырып, фармацевтика тармағы ушын кадрларды таярлаўдың оқыў бағдарламаларын жетилистириў илажларын көрсин;
в) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте аллергиялық реакциялар менен кеселликлерди есапқа алыўдың ҳәм мониторинг етиўдиң автоматластырылған мәлимлеме системасын жаратыў ушын техникалық ўазыйпаларды ислеп шықсын және тастыйықласын, оны басқышпа-басқыш енгизиў бойынша илажларды әмелге асырсын;
г) республика, ўәлаят ҳәм район (қала) дәрежесинде медициналық хызмет көрсетиў көлемин нәзерде тутатуғын аллергология бағдарында медициналық жәрдем көрсетиў тәртибин, қәнигелердиң функционаллық ўазыйпаларын белгилеген ҳалда аллергология бөлимин үскенелеў стандартларын тастыйықласын;
д) Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте қоспа илимий жойбарларды әмелге асырыў, илимий-билимлендириў процесине шет ел оқытыўшыларын ҳәм қәнигелерин тартыў, илимий-педагогикалық кадрлардың шет елде маманлығын арттырыўын ҳәм стажировкада болыўын шөлкемлестириў мақсетинде аллергология ҳәм иммунология тараўындағы жетекши шет елли шөлкемлер ҳәм мәкемелер, соның ишинде, Аллергологлардың ҳәм клиникалық иммунологлардың Европа академиясы менен бирге ислесиў қатнасықларын орнатыў ҳәм избе-из раўажландырыў бойынша шөлкемлестириўшилик-әмелий илажларды көрсин.
Усы бәнтте көрсетилген билимлендириў процесслерин шөлкемлестириў жоқары медициналық билимлендириў мәкемелери ҳәм қәнигелестирилген медициналық орайлары, елимиздиң медицина мәкемелериндеги аллергология бөлимлери ҳәм жетекши шет ел клиникалаының илимий-әмелий базасынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги еки ай мүддетте халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда:
Илимлер академиясы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Айрықша жағдайлар министрлиги менен биргеликте аллерген өсимликлер шаң топланыўын бақлаўды ҳәм белгили аймақта аллергия патологиясы менен кеселленген наўқасларды хабардар етиўди нәзерде тутатуғын аэробиологиялық мониторинг системасын жаратыў;
Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте аллергиялық кеселликлердиң диагнозын ультразаманагөй биологиялық микрочиплерди қолланған ҳалда шөлкемлестириў, сондай-ақ, келешекте Өзбекстан Республикасы халқының «аллергиялық паспортын» ислеп шығыў;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте жетекши халықаралық қәнигелерди тартқан халда аллергология ҳәм иммунология тараўында илимий-диагноз, билимлендириў ҳәм өнидирислик инновацияларды раўажландырыў мақсетинде лаборатория ҳәм илимий әмелияттың халықаралық стандартларына (GLP, GSP) жуўап беретуғын Халықаралық молекуляр аллергология ҳәм иммунология орайын шөлкемлестириў бойынша усынысларды ислеп шықсын және Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги халық арасында аллергиялық кеселликлерди профилактикалаў, ерте дагноз қойыў ҳәм емлеў мәселелери бойынша системалы түрде мәлимлеме-ағартыўшылық жумысларды алып барсын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери Р.С.Қосимовқа, Р.Р.Иноятовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.В.Акмаловқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 11-май