Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде қысқа мүддетте инновацияға бағдарланған экономиканы қәлиплестириўге ҳәм инновацияларды кеңнен енгизиў ушын шараятлар жаратыўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилсин.

Республикамызды инновациялық ҳәм илимий-техникалық раўажландырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатын әмелге асыратуғын уйым шөлкемлестирилгенлиги, оның жанында Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының дүзилгенгенлиги усы бағдардағы әҳмийетли басқышлардан бири болды.

Соның менен бирге, илимий-изертлеўлер менен өндирис тармақлары арасындағы өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин жолға қойыўға, байланысларды беккемлеўге тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар сақланып қалмақта, оларға бәринен бурын:

бириншиден, жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий жумысларын ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери ойлап табыўларының нәтийжелерин коммерцияластырыў көрсеткишлериниң төменлиги және қанаатландырарсыз екенлиги;

екиншиден, инновациялық процесслерди хошаметлеў, аймақлар ҳәм тармақлар дәрежесинде инновациялық раўажланыў ҳәм инновациялық белсендилик комплексли бағдарламаларын әмелге асырыў, инновациялық жедел исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў механизмлериниң жоқ екенлиги;

үшиншиден, жеке меншик сектор ўәкиллериниң инновациялық жумысқа, соның ишинде, олардың мәпдарлығының төменлиги себепли жетерли дәрежеде тартылмаўы;

төртиншиден, илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде грантларды бөлистириў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша тәсиршең илажлардың жоқ екенлиги;

бесиншиден, илимий-изертлеўлерди ҳәм инновацияларды енгизиў тараўында халықаралық бирге ислесиў ҳәм инвестициялар тартыў дәрежесиниң қанаатландырарсыз екенлиги сыяқлы факторлар себеп болмақта.

Инновациялық жумысты мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў механизмлерин түп-тийкарынан жетилистириў, экономика тармақларына ҳәм тараўларына инновацияларды буннан былай да нәтийжели енгизиў ушын шараятларды жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң, Илимлер академиясының:

жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий жумыслар бойынша проректоры лаўазымы орнына илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректор лаўазымын енгизиў;

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы илимий-изертлеў мәкемелериниң илим бойынша директор орынбасарларын бир ўақытта тийисли бағдардағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректор лаўазымларына тайынлаў;

жоқары билимлендириў мәкемелериниң структурасында инновациялық қорлар ҳәм илимий-инновациялық қолланбаларды коммерцияластырыў бойынша бөлимлер шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржыларынан қаржыландырылатуғын қосымша 10 штат бирлигин ажыратқан халда, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң структурасында Илим ҳәм илимий-техникалық изертлеўлерди раўажландырыў басқармасын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. 2. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректорларын ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары илимий-изертлеў мәкемелериниң илим бойынша директор орынбасарларын (кейинги орынларда илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректорлар ҳәм илим бойынша директор орынбасарлары деп аталады) лаўазымға тайынлаў Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен келисилген халда әмелге асырылатуғыны;

илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректорлар ҳәм илим бойынша директор орынбасарлары инновациялық жумысқа тийисли мәселелер, илимий-инновациялық қолланбаларды енгизиў ҳәм коммерцияластырыў нәтийжелери бойынша тиккелей  Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигине есап беретуғыны;

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жылына кеминде еки мәрте Өзбекстан Республикасы Президентиниң аппаратына илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректорлар ҳәм илим бойынша директор орынбасарларының илимий-инновациялық жумысын баҳалаў бойынша мәлимлеме киргизетуғыны;

Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министриниң орынбасары ўазыйпасын атқаратуғын А.Ю.Умаров илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректорлар ҳәм илим бойынша директор орынбасарларының жумысын нәтийжели муўапықластырыў бойынша жеке өзи жуўапкер болып есапланатуғыны;

жоқары билимлендириў мәкемелериниң инновациялық қорларын (кейинги орынларда – инновациялық қорлар) қәлиплестириў инновациялық өнимлерди коммерцияластырыўдан алынатуғын дәраматлар, жоқары билимлендириў мәкемелериниң мийнет ҳақы, стипендия төлеў, сондай-ақ, басқа да қәрежетлерди қаплағаннан кейин төлем-контракт қаржыларының 5 проценттен аз болмаған муғдарын бағдарлаў есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Инновациялық қорлардың қаржылары:

илимий-изертлеўлер ҳәм инновациялық қолланбаларды хошаметлеўге;

илимий-лаборатория үскенелерин, жумсалатуғын материаллар ҳәм комплектлеўши буйымлар сатып алыўға;

илимий-изертлеў инфраструктурасын қәлиплестириўге ҳәм жаңалаўға, илимий хызметкерлерди материаллық хошаметлеўге;

инновациялық жумысқа байланыслы басқа да қәрежетлерди әмелге асырыўға жумсалатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 3. Төмендегилер жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий-инновациялық қолланбаларды коммерцияластырыў бойынша бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары болып есаплансын:

базарды системалы түрде талқылаў ҳәм инновациялық өним (жумыс, хызмет) лерге болған талапты үйрениў, өзин қаплаў мүддетин, рентабельлик ҳәм инновациялық өнимлерди коммерцияластырыўға байланыслы қәўип-қәтерлерди баҳалаў;

жоқары коммерциялық потенциалға ийе ҳәм әмелге асырыўға таяр болған, өзлестириў ушын перспективалы жойбарларды таңлап алыў;

инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ушын инвесторларды, шериклерди ҳәм басқа да мәпдар шахсларды тартыў;

жаңа технологияларды енгизиў ҳәм инновациялық өнимлерди ислеп шығарыў мақсетинде санаат кәрханалары менен өз-ара бирге ислесиў.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий-инновациялық қолланбаларды коммерцияластырыў бойынша бөлимлериниң жумысы инновациялық қорлардың қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

  1. 4. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшылары:

бир ай мүддетте басшының орынбасарларынан биреўин инновациялық раўажланыў мәселелери бойынша жуўапкер етип белгилесин;

ҳәр жылы 1-октябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен келискен ҳалда илажларды қаржыландырыўдың анық муғдарын ҳәм дәреклерин белгилеп, келеси жыл ушын тийисли тармақларды ҳәм тараўларды инновациялық раўажландырыўдың «жол карталары» ислеп шығылыўын, сондай-ақ олардың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

  1. 5. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПП-5264-санлы Пәрманына муўапық Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының шөлкемлестирилгени;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-ноябрьдеги ПҚ- 3365-санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда илимий-изертлеў мәкемелериниң инфраструктурасын беккемлеў ҳәм инновациялық жумысын раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын қаржыландырыў дәреклери етип, тийисли бөлимлерде, басқа да дәреклер менен бир қатарда Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры Бақлаў кеңеси Қорға келип түсетуғын қаржылардың, биринши гезекте, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўға жумсалыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2017-2021-жылларда илимий-изертлеў мәкемелериниң инфраструктурасын беккемлеў ҳәм инновациялық жумысын раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасының жетиспей атырған бөлиминде өз ўақтында, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан қаржыландырылыўын тәмийинлесин.

  1. 6. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тийкарғы инновациялық, илимий-изертлеў, тәжрийбе-конструкторлық, «стартап» жойбарларын өз қәрежетлерин өзи қаплаў тийкарында қаржыландырыў ушын 2018-жылы Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорына 50 миллиард сум муғдарында бюджет қаржыларын ажыратсын және қаржыларды өзлестириў нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң тийкарланған усынысларына бола, Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң қосымша дәреклери бойынша усыныслар киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги:

грантлар тийкарында әмелге асырылатуғын фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер бойынша мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалардың системалы мониторингин, сол тийкарда мақсетсиз исленип атырған грант қаржыларын басқа да перспективалы ҳәм талап жоқары болған темаға байланыслы жойбарларды әмелге асырыў ушын қайта бағдарлаў бойынша анық илажлар қабыл етиўди;

фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер бойынша мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламаларды қаржыландырыў ушын ажыратылған және қаржы жылы даўамында өзлестирилмеген қаржылардан келешекте мақсетли пайдаланыўды;

фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлердиң әҳмийетли бағдарлары бойынша темаға байланыслы грантлар бериў бойынша турақлы түрде таңлаўлар жәрияланыўын әмелге асырсын;

  1. 7. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң хожалық басқарыў уйымлары және ири мәмлекетлик кәрханалардың инновациялық жумысын қоллап-қуўатлаў қорлары қаржыларының 0,1 процентин Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорына бағдарлаў және оларды келешекте инновациялық идеяларды, қолланбаларды ҳәм технологияларды енгизиўге мақсетли жумсаў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. 8. 2022-жыл 1-январға шекемги мүддетте:

белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер бойынша илимий-изертлеў шөлкемлери тәрепинен алып кирилетуғын илимий әсбап-үскенелер, комплектлеўши буйымлар, жумсалатуғын материаллары, реактивлер, бағдарламалық тәмийнат бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар буған кирмейди);

илимий-изертлеў шөлкемлери олардың тийкарғы жумысы бойынша барлық түрдеги салықлардан ҳәм мәжбүрий ажыратпалардан азат етилсин, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорына ажыратпалар буған кирмейди, босап атырған қаржылар олардың хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ушын  мақсетли жумсалсын.

  1. 9. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги хызметкерлериниң мийнетине Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары ҳәм бюджеттен тысқары басқа да дәреклердиң есабынан ҳақы төлеў шәртлери министрликтиң коллегиясы тәрепинен белгиленетуғыны белгиленсин.
  2. 1 Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомоствалар менен биргеликте инновациялық идеялардың авторларын, усы идеяларды әмелге асыратуғын шөлкемлестириўшилерди ҳәм қәўендерлерди материаллық хошаметлеўди тәмийинлеген ҳалда, республикада инновацияларды раўажландырыўға көмеклескен айрықша исбилерменлик субъектлерин сыйлықлаў мәресимин өткериўди нәзерде тутып республикада ҳәр жылы Инновациялық идеялар ҳәптелиги – «InnoWeek.Uz» өткерилиўин шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  3. 11. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  4. 12. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомостволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. 13. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмурадовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 7-май